Telegram karinform

Технология

  • 30.11.2018 16:04
  • 2003

Интернеттиң улыўмалық өткериўшеңлиги 10 есеге артты

Интернеттиң улыўмалық өткериўшеңлиги 10 есеге артты
30-ноябрь күни «Өзэкспоорай»да Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги ҳәм «Өзбектелеком» АК тәрепинен шөлкемлестирилген «Өзбекстан Республикасы Президенти тапсырмасы бойынша ИКТ тараўында тапсырмаларды әмелге асырыў избе-излиги» бойынша есап бериў конференциясы болып өтпекте. Бул ҳаққында Kun.uz хабар бермекте.
Атап өтилиўинше, «Өзбектелеком» АК тәрепинен «Халықаралық пакетли коммутациялық орайлары ҳәм мағлыўматлар узатыў тармақларын кеңейтиў» жойбары шеңберинде Халықаралық пакетли коммутациялық орайы комплекслери модернизацияланды ҳәм буннан кейин ХПКО комплекслериниң улыўмалық өткериўшеңлик қәбилети 10 есеге: өзгертилген трафиги 110 Гбит/с дан 1200 Гбит/с ға шекем артты.
Хабарда жазылыўынша, компания тариф режелеринде жәрияланған тезликти кепилликке алады. 2018-жыл 1-декабрьден баслап компания жаңа кепиллик берилген шексиз тариф режелерин иске қосады.
Сондай-ақ, енди тариф режелеринде «…ге шекем» қосымтасы болмайды, бул сайлап алынған тариф режеси бойынша тезликке кепиллик берилиўин аңлатады.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz

Social

Усыныс етемиз

Түнги ўақытта пуқаралардың тынышлығын бузыў жәриймаға себеп болады

Түнги ўақытта пуқаралардың тынышлығын бузыў жәриймаға себеп болады

Уқсас жаңалықлар

Газ ҳәм электр энергиясы тарифлериниң артыўы 1-майға шекем кешиктирилди

Газ ҳәм электр энергиясы тарифлериниң артыўы 1-майға шекем кешиктирилди

    Президент ҳүкиметке газ ҳәм электр энергиясы тарифлерин арттырыўды 1-майға шекем кешиктириўди тапсырды. Алдын 1-апрельге белгиленген

Пүткил Интернеттиң аўырлығы 64 мың дана қулпынайға тең

Пүткил Интернеттиң аўырлығы 64 мың дана қулпынайға тең

    Интернеттиң шамаланған салмағы есаплап шығылды. Итибар бериң, пүткил дүньяны жаўлап алған Интернет тек ғана 5,32

ChatGPT менен турақлы сөйлесиў қәўипли ақыбетлерге алып келиўи мәлим етилди

ChatGPT менен турақлы сөйлесиў қәўипли ақыбетлерге алып келиўи мәлим етилди

Психологлар жасалма интеллект пенен сөйлесиў, әсиресе, жасларға унамсыз тәсир етиўи мүмкинлигинен қәўетерленип атыр.  OpenAI ҳәм Массачусетс...