Telegram karinform

Жәмийет

  • 25.12.2018 14:52
  • 1816

Өзбекстанда жумыссызлық көрсеткиши нешеге тең? Қанша пуқара жумыссыз? (рәсмий мағлыўмат)


Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги елимизде экономикалық жақтан белсенди, мийнет етиўге уқыплы болған халықтың 9 проценти жумыссыз деп жәриялады. Бул ҳаққында Kun.uz хабар бермекте.
Белгили болыўынша, министрлик жанындағы Республикалық халықтың бәнтлиги ҳәм мийнетин қорғаў илимий орайы тәрепинен усы жылдың октябрь-ноябрь айларында ири көлемдеги социаллық изертлеў алып барылған. Онда республикадағы 72 район ҳәм қала, соның ишинде 360 пуқаралардың өзин-өзи басқарыў органы, 3600 үй ҳәм 180 160 халық арасында изертлеў өткерилген.
Социологиялық изертлеў нәтийжесине муўапық, халықтың 9 проценти жумыссыз болып, усы жылдың январь-июнь айлары жағдайына салыстырғанда көрсеткиш (9,3 процент) жақсыланған. Ең жоқары жумыссызлық дәрежеси Сурхандәрья (9,6 процент), Самарқанд (9,5 процент) ҳәм Қашқадәрья (9,5 процент) ўәлаятларында бақланған. Сондай-ақ, көп халық жасайтуғын ўәлаятлардың бири – Ферғанада жумыссызлық 9,4 процент екенлиги атап өтилген. Ең төмен көрсеткиш болса Ташкент қаласында (7,5 процент) бақланған.
Министрликтиң хабарына қарағанда, жумысқа мүтәж болған халықтың саны 1307,6 мың адамды қурайды.
Мағлыўмат ушын, 30 жасқа шекемги болған халық арасында жумыссызлық 14,7 процентти қурайды. Елимиздеги ҳаял-қызлар арасындағы жумыссызлық болса 12,5 процентке тең. 2017-жылы Өзбекстан халқының жумыссызлығы 5,4 процент етип көрсетилген еди. Министрлик бул мәселеге анықлық киргизип, алдынғы жылларға салыстырғанда санларды есаплаў методологиясын жетилистиргенлигин билдирген.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...

Қарақалпақстанда жаздың биринши күнинде ҳаўа райы қандай болады?

Қарақалпақстанда жаздың биринши күнинде ҳаўа райы қандай болады?

    «Өзгидромет» Қарақалпақстан Республикасында жаздың биринши күнинде ҳаўа райы қандай болыўы ҳаққында мағлыўмат берди.  Ҳаўа бираз

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

        Германияда адамлар өлгеннен кейин келешекте қайта тирилиўи ушын денелерин ўақтынша музлатып қойыў хызмети иске түсти.