Telegram karinform

Жәмийет

  • 27.12.2018 16:46
  • 1813

Аяз атаның саўғасынан кеўли толмаған бала ҳуқық қорғаў уйымы хызметкерлерине шағым етти

Аяз атаның саўғасынан кеўли толмаған бала ҳуқық қорғаў уйымы хызметкерлерине шағым етти

Германияның Цетель қаласында 9 жасар мектеп оқыўшысы Рождество байрамында алған саўғасына кеўили толмай ҳуқық қорғаў уйымы хызметкерлерин шақырған деп хабар берди Lenta.ru сайты.
Шақырылған орынға тез жетип барған ҳуқық қорғаў уйымы хызметкерлери ашыўланып отырған мектеп оқыўшысын көрген. Бала рождестволық саўғасы дурыс берилмегенлигин айтып шағым еткен.
Буннан соң ҳуқық қорғаў уйымы хызметкерлери баланың Аяз атаға жазған байрам саўғалары дизими менен жаңа жыл ёлкасы астына қойылған саўғаларды салыстырса, бир-бирине туўры келмеген. Ҳуқық қорғаў уйымы хызметкерлери балаға Аяз атаның қартайғанлығы себепли умытшақ болып кеткенин, соның ушын саўғаны алжастырып алғанлығын айтып тынышландырған.

Сахибжамал Есемуратова
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

Ҳәр жылдың 1-июнь күни Халық аралық балаларды қорғаў күни сыпатында белгиленеди. Бул сәне 1949-жылы Парижде Халықаралық...