Telegram karinform

Спорт

  • 28.12.2018 12:46
  • 1800

Алдағы ўақытларда жазғы Азия ойынларының бирин өзимизде өткериў бойынша перспективалы жоба ислеп шығыў керек, биз буған мүнәсиппиз – Шавкат Мирзиёев

Алдағы ўақытларда жазғы Азия ойынларының бирин өзимизде өткериў бойынша перспективалы жоба ислеп шығыў керек, биз буған мүнәсиппиз – Шавкат Мирзиёев
Шавкат Мирзиёевтиң Олий Мажлиске Мүрәжатында жәмийетте саламат турмыс тәризи ҳәм спортты және де ғалабаластырыў мәселесине де айрықша дыққат қаратылды, деп жазады ӨзА.
- Жәмийетте саламат турмыс тәризин енгизиў, дене тәрбиясы ҳәм спортты және де ғалабаластырыў алдымызда турған және бир әҳмийетли ўазыйпа есапланады. Бул мәселеде ҳәммемиз биргеликте ҳәрекет етиўимиз керек.
Спортты жедел раўажландырыў, халықаралық жарысларда жоқары нәтийжелерге ерискен спортшыларды хошаметлеў ҳәм қоллап-қуўатлаўға буннан кейин де үлкен әҳмийет беремиз. Жас әўладымыз арасында спортты ғалабаластырыў мақсетинде ең шетки районларда да балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектеплерин шөлкемлестиремиз.
2020-жылы Токиода өткерилетуғын жазғы Олимпиадаға таярлықты ҳәзирден баслаўымыз керек.
Және бир әҳмийетли мәселе – елимизде қысқы спорт түрлери бойынша халықаралық талаплар дәрежесинде спортшылар таярлаўдың нәтийжели системасын жаратыў керек.
Ташкент қаласында қурылып атырған «Ҳумо» муз спорты сарайы, сондай-ақ, жақында Ташкент ўәлаятының Амирсой дем алыў орайында иске түсирилетуғын заманагөй комплекс те усы мақсетлерге хызмет етеди.
Тилекке қарсы, ҳәзирге шекем елимизде Олимпия ямаса Азия ойынлары сыяқлы абыройлы спорт жарыслары өткерилмеген. Сол себепли жақсы нийет пенен алдағы ўақытларда жазғы Азия ойынларының бирин өзимизде өткериў бойынша перспективалы жоба ислеп шығыўды баслаўымыз керек, - деди Президент.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында