Telegram karinform

Экономика

  • 03.01.2019 11:52
  • 1773

Қанлыкөлде 50 ден аслам қарамаллар белгисиз кеселликтен набыт болды


Қанлыкөл районындағы «Жаңа қала» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында қарамаллар набыт болмақта. Kar24.uz сайтының мәлим етиўинше, аўылда жаздан берли 50 ден аслам мал ҳарам өлген.
«Қарамаллардың өлиўи жазда басланып, бирден тоқтаған еди. Соңғы еки айдан берли бул ҳалат және қайталанды. Халық тәшўишке түспекте. Биз бул кеселликти «Қарасан», «Малдың аязлаўы» деп надурыс ойлаған екенбиз», - дейди АПЖ хаткери Ерполат Мусинов.
Бундай кеўилсиз жағдайларды тоқтатыў ушын районлық ветеринария бөлими арнаўлы вакцинаға буйыртпа берген.
Қанлыкөл районлық ветеринария бөлими баслығы Дәўран Қудайбергеновтың билдириўинше, аймақта алдынлары бундай кеселлик бақланбаған.
«Районға Мойнақтан сатыў ушын көплеген қарамал алып келинеди. Ойымызша, бул кеселлик сатыў ушын алып келинип атырған маллардан жуғып атыр. Ҳәзирги ўақытта қарамалларда «пастрелиоз» кеселлигиниң белгилери бақланбақта. Бунда қарамаллардың қаны кемейип кетип, бул олардың өлимине себепши болады», - деп айтып өткен районлық ветеринария бөлими баслығы.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

Ҳәр жылдың 1-июнь күни Халық аралық балаларды қорғаў күни сыпатында белгиленеди. Бул сәне 1949-жылы Парижде Халықаралық...

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

        12-май күни Американың IT гигантлары Google ҳәм Амазон өзиниң логотиплерин көп жыллар даўамында биринши мәрте