Telegram karinform

Экономика

  • 04.01.2019 12:22
  • 2377

2019-жылы ең кем мийнет ҳақы муғдары максимал дәрежеде аз суммаға көбейтиледи


Бул ҳаққында жәмийетшилик додалаўы ушын усыныс етилген «Жедел инвестициялар ҳәм социаллық раўажланыў жылы» Мәмлекетлик бағдарламасы жойбарында сөз етилген.
Қаржы министрлиги, Мийнет министрлиги, Экономика министрлиги, Орайлық банкке 2019-жыл 1-мартқа шекем халықтың мийнет ҳақы, басқа дәраматлары, баҳалар ҳәм есаплардың ең кем айлық мийнет ҳақы суммасына байланыслылығын максимал дәрежеде кемейтиў және басқышпа-басқыш бийкар етиў, мийнет ҳақы муғдарын басқа факторларға тәсир етпейтуғын тәризде көбейтиў механизмин енгизиўди нәзерде тутыўшы нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет жойбарын таярлаўы керек.
Усыныс етилип атырған жойбарға муўапық, дәслепки басқыш – 2019-жылда ең кем айлық мийнет ҳақы муғдары максимал дәрежеде аз суммаға көбейтиледи, 2020-жылдан баслап болса ең кем айлық мийнет ҳақының муғдары инфляцияға қарсы гүресиў қуралларын қолланған ҳалда ҳәр еки ямаса үш жылда бир мәрте көбейтиледи ҳәм оннан кейинги жылларда турақлы жағдайда сақлаўға ҳәрекет етиледи.
Сондай-ақ, 2019-жылдан баслап хызметкерлердиң мийнет ҳақы муғдарын ҳәр жылы бирден-бир тариф сеткасы бойынша тариф коэффициентин арттырыў есабынан көбейтиў жобаластырылмақта. Пенсия, стипендия ҳәм напақалардың суммасын да бирден-бир тариф сеткасы бойынша тариф коэффициентин арттырыў есабынан көбейтиў нәзерде тутылмақта.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...