Telegram karinform

Жәмийет

  • 04.01.2019 16:42
  • 2308

Канал бойында жаңа туўылған нәрестениң өлген денеси табылды


Ферғана ўәлаятының Олтиариқ районында, Киши Ферғана каналы бойында жаңа туўылған нәрестениң өлген денеси табылды, деп хабар бермекте Daryo.uz.
Гүўалардың бириниң айтыўынша, таўарға оралған нәрестениң өлген денеси 2-январь күни каналдың Олтиариқтың Қапчиғай аўылындағы 41-мектеп аймағынан ағып өткен бөлиминен табылған.
«Бул – 10 күнлик нәресте. Айтыўларына қарағанда, оны буўып өлтирип, таслап кеткен. Ҳәзир аймағымызда ҳәмме аяққа турған», - дейди ўақыядан хабары бар адамлардың бири.
Хабар бериўинше, Ферғана ўәлаятлық ИИБ тәрепинен алып барылып атырған тергеў-сорастырыў ислери шеңберинде Олтиариқ ҳәм қоңсылас районлардағы туўыў бөлимлеринде ислейтуғын акушер ҳәм мийирбийкелер сораўға тутылмақта. Ҳәзирше бул жынаят себеплери бойынша толық мағлыўмат жоқ.
«Ҳәзирги ўақытта нәрестениң анасын ДНК-тести тийкарында анықлаў шаралары көрилмекте, тергеў жумыслары даўам етпекте», - деп айтып өткен Олтиариқ районлық ИИБ хызметкери.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

        12-май күни Американың IT гигантлары Google ҳәм Амазон өзиниң логотиплерин көп жыллар даўамында биринши мәрте