Telegram karinform

Сиясат

  • 09.01.2019 11:50
  • 1635

Ең үлгили сектор басшыларына автомобиль бериледи


Президент қарарына муўапық, Өзбекстанда район ҳәм қалаларды комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша аймақ басшылары жумысларын баҳалаў системасын сын көз-қарастан көрип шығылып, мектор басшылары жумысларын баҳалаўдың әпиўайыластырылған системасы енгизиледи. Бул ҳаққында ӨзА хабар берди.
Жыл жуўмақларына бола, жумыс процесинде жоқары көрсеткишлерге ерискен секторларды хошаметлеў мақсетинде «Ең үлгили сектор», «Ең басламашы сектор басшысы», «Ең белсенди сектор штабы ағзасы» номинациялары бойынша республикалық таңлаў өткериледи.
Ҳәр жылдың 15-январына шекем Министрлер Кабинети, Бас прокуратура, Ишки ислер министрлиги ҳәм Мәмлекетлик салық комитети тәрепинен ҳәр бир система бойынша:
- Сектор басшылары жумысларын баҳалаў системасына муўапық, олардың өткен жылы әмелге асырған жумыслары анализленип, улыўмалық жыйналыста додаланады;
- Баҳалаў нәтийжесине муўапық, ең жоқары көрсеткишке ерискен 2 сектор басшысы автотранспорт қуралы менен сыйлықланады, секторлар жумысларын үлгили шөлкемлестирген басшылар ҳәм оның жумысларында белсене қатнасқан басқа штаб ағзалары қымбат баҳалы саўғалар менен сыйлықланады;
- Жумыслары нәтийжесиз деп баҳаланған сектор басшылары ийелеп турған лаўазымынан азат етилиўине шекемги интизамлық жаза шаралары қолланылады.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

            2025-жыл 30-июньнен баслап, визасыз Россияға киретуғын сырт ел пуқаралары «Gosuslugi RUID» мобиль қосымшасында дизимнен өтип,

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

        Президент тапсырмасына бола, автомобиль жолларында ҳәрекетлениў тәртибин буннан былай да жетилистириў, айдаўшыларға қосымша қолайлықлар жаратыў