Telegram karinform

Спорт

  • 10.01.2019 14:23
  • 1771

Қараөзек районында өзбек жаўынгерлик өнери бойынша ашық бириншилик болып өтти


Қараөзек районында жаслардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў‚ миллий спорт түрин раўажландырыў, сондай-ақ елимиз бойлап әмелге асырылып атырған әскерий ўатансүйиўшилик айлығы, сондай-ақ, «14-январь – Ўатан қорғаўшылары күни» мүнәсибети менен спорттың өзбек жаўынгерлик өнери түринен «Ўатан муқаддес, оны қорғаў әдиўли миннет» атамасында спорт илажы ҳәм район ашық бириншилиги шөлкемлестирилип‚ онда райондағы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебиниң усы спорт түри менен шуғылланыўшы жаслары, сондай-ақ, Тахтакөпир, Әмиўдәрья районларынан спортшылар қатнасты.

2000-2010-жыллар аралығында туўылған жас өспиримлер ҳәм қызлар арасында өткерилген район бириншилигинде спортшылар жигирма еки салмақ бойынша миллий спорт түриниң «жеке беллесиў» жөнелисинен гилемде күш сынасты. Бириншилик жуўмағында қараөзекли спортшылар командалық есапта жеңимпазлықты қолға киргизди.
Ҳәр бир салмақ бойынша жеңимпазлар дәрежели диплом ҳәм медальлар менен сыйлықланды.

Сондай-ақ, спорт федерациясы ҳәм мәмлектелик грант жойбары тәрепинен өткен жыл жуўмағы бойынша миллий спорт түрин үгит-нәсиятлаў ҳәм бирге ислесиўдеги белсендилиги ушын бир қатар тараў ўәкиллери, жыл даўамында Өзбекстан көлеминде өткерилген спорт жарыслары жеңимпазлары сыйлықланып, хошаметленди. Және де, мәмлектелик грант жойбары қаржылары есабынан Қараөзек районы халық билимлендириў бөлимине қараслы 1-санлы мектепке миллий спорт қураллары тапсырылып, бул орында район жаслары спорт түринен шынығыў алып барыўы ушын шараятлар жаратылды. Шөлкемлестириўшилер ҳәм бирге ислесиўши мәкеме, жәмийетлик шөлкемлер жойбар илажлары менен танысты.
Жарыс соңында спортшыларға байрам концерти қойып берилди.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған