Telegram karinform

Экономика

  • 16.01.2019 16:22
  • 1570

2018-жылы банкоматлар арқалы неше сум қаржы алынған?


2018-жылы банк карталарынан алынған қаржылардың муғдары 12,29 триллион сумды қурады. Бул ҳаққында Spot Орайлық банке сүйене отырып хабар бермекте, деп жазады Kun.uz.
Бул 2017-жыл менен салыстырғанда 4 есеге көп.
Олардан – 4,9 трлн сум банкоматлар арқалы алынған. Декабрь айында кескин өсиў жүз берип, бул ўақытта 2,3 трлн сум алынған, солардың 1 млрд сумы банкоматлар арқалы алынған.
Ноябрь айында бул көрсеткишлер сәйкес түрде 1,5 трлн ҳәм 759 млрд сумды қураған.
2018-жыл январь айында UzCard банкоматлар арқалы пластик картадан пул алыў бойынша жаңа хызметлерди ислеп шықты ҳәм ҳеш қандай шеклеўлер жоқ екенлигин мәлим етти – ҳәр бир банк қандай шеклеў орнатыўды өзи белгилейди. Оннан алдын бир картадан тек ғана 100 мың сум алыў мүмкин еди.
Буннан соң банклер максимал пул алыў суммасы муғдарын көбейте баслады.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған