Telegram karinform

Экономика

  • 21.01.2019 11:58
  • 1769

Базарлардағы азық-аўқатлық өнимлердиң минимал-максимал баҳалары жәрияланды


Мәмлекетлик статистикалық комитети Өзбекстан Республикасының аймақлық дийқан базарларында айрықша түрдеги азық-аўқатлық өнимлердиң минимал-максимал баҳалары ҳаққында мағлыўмат берди, деп жазады Kun.uz.
Хабарда жазылыўынша, мал гөшиниң ең арзаны Нөкис қаласындағы дийқан базарда ҳәм Ташкент қаласының «Олой», «Фарҳод», «Қўйлиқ» дийқан базарларында бир килограммы 28 мыңнан, ең қымбаты Ташкент қаласындағы «Миробод» дийқан базарында 55 мыңнан сатылмақта.
Гүриштиң ең арзаны Нөкис қаласындағы дийқан базары, Ташкент қаласындағы «Эски жўва», Әндижан қаласындағы «Янгибозор», «Орайлық дийқан базары», Жиззақ қаласындағы «Эски шаҳар», «Орайлық дийқан базары», Гүлистан қаласындағы дийқан базарында 5000 сумнан, ең қымбаты Ташкенттеги «Олой» ҳәм «Миробод» дийқан базарында 25 000 сумнан сатылмақта.
Мәлим етилиўинше, айрым түрдеги азық-аўқатлық өнимлердиң минимал-максимал тутыныў баҳалары бойынша мағлыўматлар сайланба статистикалық бақлаў принциплерине тийкарланып алынған.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

Өзбекстанда интернет пайдаланыўшылары саны жәрияланды

Өзбекстанда интернет пайдаланыўшылары саны жәрияланды

    ​Миллий статистика комитетиниң берген мағлыўматларына муўапық, интернет пайдаланыўшылары саны дерлик 94%ке жеткенлигин көриўимиз мүмкин. Жоқарыдағы

Трамп енгизген бажылар себепли iPhone баҳалары 30 процентке қымбатлаўы мүмкин

Трамп енгизген бажылар себепли iPhone баҳалары 30 процентке қымбатлаўы мүмкин

        Apple‘дың жаңа смартфонлары АҚШ президенти Доналд Трамп ҳәкимшилигиниң бажыхана төлемлери себепли 30 процентке қымбатлаўы мүмкин.