Telegram karinform

Жәмийет

  • 24.01.2019 18:36
  • 1745

Өзбекстанда жаңа әскерий институт шөлкемлестирилди


Өзбекстан Президентиниң 2019-жыл 17-январьдағы қарары тийкарында Муҳаммед әл-Хорезмий атындағы Ташкент информациялық технологиялар университетиниң Арнаўлы факультети Қорғаныў министрлиги Мәлимлеме-коммуникациялық технологиялар ҳәм байланыс әскерий институты етип қайта шөлкемлестирилди.
Қорғаныў министрлиги баспасөз хызметиниң хабарлаўынша, Өзбекстандағы биринши әскерий институт Қорғаныў министрлигиниң мәмлекетлик жоқары әскерий билимлендириў мәкемеси болып, ол алты бағдар бойынша тактикалық буўындағы офицер кадрларды еки жыллық таярлаўды әмелге асырады:

- байланыс бөлимлериниң тактикалық командирлик-инженерлиги;
- арнаўлы байланыс ҳәм мәмлекетлик сырларды қорғаў тактикалық командирлик-инженерлиги;
- мәлимлеме системалары ҳәм технологиялары тактикалық командирлик-инженерлиги;
- радиоэлектрон разведка ҳәм гүресиў тактикалық командирлик-инженерлиги;
- ҳаўа ҳүжиминен қорғаныў радиотехникалық бөлимлериниң тактикалық командирлик-инженерлиги;
- ҳаўа ҳүжиминен қорғаныў зенит-ракета бөлимлериниң тактикалық командирлик-инженерлиги.

Сондай-ақ, жаңадан шөлкемлестирилген әскерий институт Муҳаммед әл-Хорезмий атындағы Ташкент информациялық технологиялар университети арнаўлы факультетиниң барлық ҳуқықлары, миннетлемелери ҳәм шәртнама бойынша ҳуқықый даўамшысы болып табылады.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

        12-май күни Американың IT гигантлары Google ҳәм Амазон өзиниң логотиплерин көп жыллар даўамында биринши мәрте