Telegram karinform

Жәмийет

  • 25.01.2019 11:55
  • 1720

2019-жылы адамзатқа кәўипли болған глобаллық машқалалардың онлығына нелер киретуғынлығын билесиз бе?



Адамзат 2019-жылы дус келиўи мүмкин болған глобал қәўиплер дизими жәрияланды, деп жазады National Geographic.
Бул дизимниң биринши орнын ҳаўаның патасланыўы машқаласы ийеледи. Жер жүзиндеги он адамнан бири патасланған ҳаўадан нәпес алады, бул болса миллионнан жети жағдайда биймезгил өлимге алып келеди. Екинши орында жуғымлы кеселликлер турыпты – диабет, рак ҳәм жүрек искерлигиниң бузылыўы жылына 41 миллион адамның өмирине зыян келтирмекте. Грипп глобал пандемиясына қәўиплер дизиминде үшинши орынды ийелеген. Қәнигелер кең көлемли эпидемия қәлеген ўақытта тарқалыўы мүмкинлигин айтпақта.



Өмир ушын аўыр ҳәм қәўипли шараятлар төртинши орында турады: кризислер ҳәм тағы да басқа жағдайлар. Бул 1,6 миллиард инсан өмирин қәўипке қоятуғын жағдай есапланады.
Бесинши орында бактериялардың антибиотикларға шыдамлылығы – бул рак ҳәм басқа да қәўипли кеселликлердиң тамырына балта урыўға имканият туўдырмайды. Рейтингниң алтыншы орнын Эбола безгеги ийелеген: 2018-жылы Конго мәмлекетинде усы безгектиң кең тарқалыўы гүзетилген. Кеселлик миллионнан зыят турғынлар жасайтуғын қалаларға тарқалып кеткен. Кейинги орында тез медициналық жәрдемниң жақсы жолға қойылмағанлығы мәселеси тур. Бул тийкарынан раўажланбаған мәмлекетлерде көп гүзетиледи.
Машқалалар дизиминиң сегизинши орнында адамлардың иммунизацияға унамсыз мүнәсибети турады. Экспертлердиң пикиринше, емлениўден ўаз кешиў, «кеселликлерге қарсы гүресиўде ерисилип атырған нәтийжелерге кери» тәсир етеди. Ҳәзирги ўақытта вакцинация жылына 2-3 миллион адамның өлиминиң алдын алмақта.
Дүнья жүзилик ден саўлықты сақлаў шөлкеми соңғы жыллары қызылша кеселлиги менен кеселлениў жағдайы 30%ке артқанлығын айтып өтпекте.
Ең глобал қәўиплер рейтингиниң нәўбеттеги текшесин Денге безгеги (жылына 390 миллион адам усы кеселликти жуқтырмақта) ҳәм ОИ кеселлиги ийелеген.

Сахибжамал Есемуратова
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған