Telegram karinform

Жәмийет

  • 26.01.2019 16:54
  • 1986

Суўларды екиге ажыратыў ҳаққында петиция жәрияланды


«Менинг фикрим» жәмийетлик мүрәжатлар порталында тутыныўшылар пайдаланып атырған суўды ишимлик суўы ҳәм техникалық суўға ажыратыў ҳаққында петиция жәрияланды. Бул ҳаққында Kun.uz хабар берди.
«Күн сайын суў жетиспеўшилиги себепли көплеген мәмлекетлер зардап шекпекте. Елимизде ишимлик суўын тежеў мақсетинде оннан техникалық суў сыпатында пайдаланбаў керек. Мәселен, айрым завод ҳәм фабрикалар, егинлерди суўғарыў, автомобильлерди жуўыў ушын таза ишимлик суўы шәрт емес», - деп жазылған мүрәжатта.
Атап өтилиўинше, бундай тараўларды пайдаланылған ишимлик суўын қайта бағдарлаў арқалы суў менен тәмийинлеў зәрүр. Ҳәзирги ўақытта ҳәттеки канализацияда да таза ишимлик суўынан пайдаланылады.
«Сол себепли, усынысым егер ишимлик суўынан екинши мәрте техникалық суў сыпатында пайдаланылса, ишимлик суўын ҳәм оған сарпланатуғын қәрежетлерди тежеген боламыз. Бул мәселеде шешилмеген машқалаларды көрип шығыўымыз керек», - деп жазған петиция авторы.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...