Telegram karinform

Мәденият

  • 28.01.2019 12:07
  • 1755

«Берлин: Ақ қорған» фильми жаслар нәзерине усынылды


Екинши жер жүзилик урыс барлық дүнья еллери сыяқлы бизиң мәмлекетимиз, онда жасаўшы халықлар тарийхында да үлкен из қалдырған. Урыстың қорқынышлы көринислери, аўыр ақыбетлери сәўлеленген, Өзбекстан, Германия ҳәм Россияда режиссёр Зулфиқор Мусоқов тәрепинен сүўретке алынған «Берлин: Ақ қорған» фильми ата-бабаларымыздың ўатанның тынышлығы, парахатшылығы жолында қаншелли қыйыншылықларға дус келгенлигин көрсетип бериўши дөретпе есапланады.

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының шет тиллери факультети мәденият сарайында усы фильм студент-жаслардың итибарына усынылды.
Фильмде Екинши жер жүзилик урыс дәўири бүгинги күн менен байланыслы түрде исленген болып, онда ҳүжжетли хроникалардан да табыслы пайдаланылған. Дыққатқа ылайықлы тәрепи, тамашагөйлерге тарийхый факт ҳәм дәлиллерди режиссёрдың өзи таныстырып барады.

- Бүгин оқыў ҳәм имтиханлардан бос ўақтымызда «Берлин: Ақ қорған» фильмин тамашаладық. Бул фильм менде оғада үлкен тәсир қалдырды. Фильмде ата-бабаларымыз жасаған урыс дәўириниң қыйыншылықлары, сол дәўирдеги тарийхый тулғалар айқын көрсетип берилген. Бос ўақытларымызда усындай тарийхый ўақыяларға қурылған фильмлерди тамашалап, китапларды оқып барсақ, өз тарийхымызға деген ҳүрмет еле де артады, деп ойлайман, - дейди институттың мектепке шекемги ҳәм баслаўыш тәлим факультети студенти Г.Дәлибаева.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

Уқсас жаңалықлар

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

        Германияда адамлар өлгеннен кейин келешекте қайта тирилиўи ушын денелерин ўақтынша музлатып қойыў хызмети иске түсти.

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

    Өткен ҳәптеде Олий Мажлис Нызамшылық палатасында болып өткен дөгерек сәўбетинде онлайн-платформалар бойынша нызам жойбары ҳаққында

ChatGPT менен турақлы сөйлесиў қәўипли ақыбетлерге алып келиўи мәлим етилди

ChatGPT менен турақлы сөйлесиў қәўипли ақыбетлерге алып келиўи мәлим етилди

Психологлар жасалма интеллект пенен сөйлесиў, әсиресе, жасларға унамсыз тәсир етиўи мүмкинлигинен қәўетерленип атыр.  OpenAI ҳәм Массачусетс...