Telegram karinform

Жәмийет

  • 25.08.2017 17:28
  • 2484

ҚМУ оқытыўшысы Өзбекистан Республикасы мәмлекетлик сыйлығының жеңимпазы болды



Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң «Функционал анализ, алгебра ҳәм геометрия» кафедрасы баслығы, физика-математика илимлериниң докторы, доцент Кәримберген Қәдирбергенович Кудайбергенов академик Ш.А.Аюпов, Б.А.Омиров ҳәм У.А.Розиқовлар менен биргеликте алып барған нәтийжели илимий изертлеў жумыслары ушын Өзбекистан Республикасының илим ҳәм техника тараўындағы биринши дәрежели Мәмлекетлик сыйлығын алыўға миясар болды.
Кәримберген Қудайбергеновтың бүгинги күнге шекем 60 тан аслам илимий мийнетлери ҳәм 2 оқыў қолланбасы, 3 методикалық қолланбасы баспадан шыққан. Усы мийнетлери ушын 2016-жылы «Өзбекистан Ғәрезсизлигине 25 жыл» естелик белгиси менен сыйлықланған.
Бул авторлар «Ассоциатив емес алгебралар, дифференциаллаў ҳәм сызықлы емес динамикалық системалар теорияларын раўажландырыў» темасында илимий изертлеў жумысларын алып бармақта. Олардың бул тема бойынша 200 ден аслам мақалалары Америка Қурама Штатлары, Австралия, Уллы Британия, Испания, Италия, Германия, Голландия, Франция, Қытай, Россия сыяқлы мәмлекетлердиң жоқары импакт-факторлы илимий журналларында баспадан шыққан. Авторлардың биргеликтеги мийнетиниң нәтийжелери дүнья жүзине белгили илимпазлар тәрепинен тән алынып, жоқары баҳаланып келинбекте.
Ш.А.Аюпов, М.И.Ибрагимов, К.Қ.Қудайбергеновлар авторлығындағы «Функционал анализдан мисол ва масалалар» атамасындағы оқыў қолланбасы «Жылдың ең жақсы оқыў қолланбасы ҳәм оқыў әдебиятының авторы – 2010» республикалық таңлаўда сыйлы 2-орынды ийелеген еди.
Университетимиздиң оқытыўшысы Кәримберген Қәдирбергенович Қудайбергеновты табысы менен қутлықлап, алдағы илимий жумысларында табыслар тилеп қаламыз.

Сахибжамал Есемуратова
Social

Усыныс етемиз

Жәмийетлик орынларда уятлы сөзлер менен сөгиниў, пуқараларды кемситиў жәриймаға себеп болыўы мүмкин

Жәмийетлик орынларда уятлы сөзлер менен сөгиниў, пуқараларды кемситиў жәриймаға себеп болыўы мүмкин

Уқсас жаңалықлар

Жәмийетлик орынларда уятлы сөзлер менен сөгиниў, пуқараларды кемситиў жәриймаға себеп болыўы мүмкин

Жәмийетлик орынларда уятлы сөзлер менен сөгиниў, пуқараларды кемситиў жәриймаға себеп болыўы мүмкин

        Бул норма Өзбекстан Республикасы ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 183-статьясында келтирилген «Майда гүдибузарлық, яғный, жәмийетлик орынларда

Қарақалпақстанда ерлер көп пе ямаса ҳаяллар?

Қарақалпақстанда ерлер көп пе ямаса ҳаяллар?

    Қарақалпақстан Республикасы статистика комитетиниң берген мағлыўматына бола, 2025-жылдың 1-апрель жағдайына Қарақалпақстан Республикасының турақлы халқының саны

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

      9-апрель күни саат 22:08 де Қарақалпақстан Республикасы, Төрткүл районы «Аққамыс» АПЖ аймағынан өткен А-380 магистрал