Telegram karinform

Мақала

  • 31.01.2019 11:40
  • 1991

Журналист тилши ямаса әдебиятшы емес…

Журналист тилши ямаса әдебиятшы емес…

Журналист дегенде көпшилик адамлар қосық, гүрриң жазатуғын адамларды түсинетуғын қусайды. Көпшилик орынларда кәсип ҳаққында сөз барғанда, өзимниң журналист екенлигимди айтып таныстырсам, олардың дерлик барлығы «Қосық жазасаң ба ямаса гүрриң?» деген сораў менен мүрәжат етеди. Бул сораўға дәслепки ўақытлары ашыўым келген болса, ҳәзирде бираз үйренисип қалғандайман. Халықтың қайсы бирине журналисттиң қосық ямаса гүрриң жазбайтуғынлығын, шайыр, жазыўшы менен журналист ортасында аспан менен жер шелли парқтың бар екенлигин, олардың ўазыйпаларының түрлише екенлигин уқтырып боламан деп өзимди бираз басқандай болдым.
Усындай сораўларға көп дус келгеннен соң ойландым. Не ушын журналистиканы әдебият тараўы менен байланыстырады? Адамлардан «сизлер көбинесе тил менен ислесесиз, сонлықтан «тилши» боласыз да!» деген гәплерди көп еситтик. Хош, қайсы тараў тил менен ислеспейди? Математика ма, физика ма? Ҳәр бир кәсип ийеси ушын Ана тили жүдә үлкен әҳмийетке ийе. Себеби, ҳәр бир тараўда инсан ойлап атырған пикирин усы тил арқалы жеткерип береди. Математиклер, физиклер де тилдиң лексикасынан өнимли пайдаланып, анық теория жаратпаса, ойын толық жеткерип бере алмаса, оның илимин адамлар түсиниўи қыйын болады. Демек, Тил ҳәмме тараў ушын ортақ. Және бир мәселе, бизде Журналистика кафедрасы Қарақалпақ филологиясының қурамына киргизилген. Буның себебин кейинирек түсиндириўге ҳәрекет етемен. Ал, шет еллерде болса, журналистика айырым жоқары оқыў орынларында социология, айырымларында ҳуқықтаныў тараўлары менен байланыстырылады.
Ал, не ушын Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде филология факультетине бекитилген? Ең дәслеп Қарақалпақстанда журналистика кафедрасы ашылмастан бурын (ол 1983-жылы ашылды) баспасөз (1924-жылы, айырым дәреклерде 1919-жылы), радио (1932-жылы) ҳәм телевидение (1964-жылы) өз жумысын баслады. Ол жерде халыққа информация тарқатыў ушын көбинесе тил тазалығына әмел ететуғын, тилге бай ФИЛОЛОГлар, ӘДЕБИЯТШЫлар жумыс ислеген. Бул сол дәўирдеги талап еди. Соң 1983-жылы журналистика кафедрасы ашылып, журналист кадрлар таярланды. Енди оларға неше жыллық тәжирийбеге ийе Филологлар, әдебиятшылар устазлық ете баслады. Ҳәттеки, бүгинги күнде де көпшилик журналистлер еситтириў ямаса көрсетиў таярлаған ўақытта әлбетте, ишине шайырлардың еки куплет қосығын «қосып қояды». Көпшилик адамлар журналистлерди қосық ямаса гүрриң жазады деп ойлаўы соның ушын болса керек. Журналисттиң қосық ямаса гүрриң жазыўы ол басқа таланты. Бирақ, бул кәсип ийелериниң қосық ямаса гүрриң жаза билиўи шәрт дегени емес. Журналистлер болған ўақыя орнынан информация таярлайды, ўақыяларды шолыў жасайды, анализлейди, сүўретке түсиреди ҳәм тарқатады.
Ҳәзирде Қарақалпақстанда журналистика тараўы әдеўир раўажланып бармақта. Белгили журналистлер жетилисип шықпақта. Журналистиканың өз алдына тараў сыпатында қәлиплескенлигин көрсете билиў енди тиккелей журналистлердиң дөретиўшилиге байланыслы деген пикирдемен. Сиз не деп ойлайсыз?

Сахибжамал Есемуратова,
ЖУРНАЛИСТ
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған