Telegram karinform

Экономика

  • 14.02.2019 16:55
  • 2050

Нызамсыз түрде боян тамырын жыйнаў менен шуғылланғанлар анықланды


Қарақалпақстан Республикасы Экологиялық комитети Нөкис районлық инспекциясының биокөптүрлилик ҳәм қорғалатуғын тәбийғый аймақлар бойынша мәмлекетлик инспекторы А.Бекбосынов тәрепинен усы жылдың январь-февраль айларында өткерилген рейд жумыслары нәтийжесинде бир қатар нызам бузыўшылықлар анықланды. Бул ҳаққында комитеттиң Facebook тармағындағы рәсмий каналы мәлим етти.

Хабарда жазылыўынша, Нөкис районы бойынша боян өсимлигиниң тамырын нызамсыз қопарып, 7342 килограмм боян тамырының жыйналғаны бойынша 10 факт анықланды. Ақыбетинде, тәбиятқа 14 883 502 сум зыян келтирилген.
Анықланған жағдайлар бойынша «Өзбекстан Республикасы өсимликлер дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў ҳаққында»ғы нызам, сондай-ақ, Министрлер Кабинетиниң 2014-жыл 20-октябрьдеги 290-санлы, 2016-жыл 26-март күнги 85-санлы қарары талапларын бузғаны ушын 14 пуқараның нызамсыз ҳәрекетлери бойынша тийисли ҳүжжетлер Нөкис районлық Ҳәкимшилик судына жиберилди.

Айғақлы зат ретинде алынған боян өсимлиги тамырлары мәмлекет пайдасына өткерилип, район аймағында жайласқан «Нукус экоплант экстракт» жуўапкершилиги шекленген жәмийетине тапсырылды.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған