Telegram karinform

Экономика

  • 16.02.2019 17:21
  • 1752

Аралдың қурыған ултанында «жасыл қапламалар» пайда етиў ушын неше сум қаржы ажыратылады?


Министрлер Кабинетиниң «Арал теңизи түбиндеги суўы қурыған аймақларда «жасыл қапламалар» - қорғаў тоғайлықларын пайда етиўди жеделлестириў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди.
Қарар тийкарында Өзбекстан Республикасы Тоғай хожалығы мәмлекетлик комитети, Қаржы министрлиги, Экономика ҳәм санаат министрлиги, «Өзбекнефтьгаз» акционерлик жәмийети ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң:
Арал теңизиниң суўы қурыған түбинде «жасыл қапламалар» - қорғаў тоғайлықларын пайда етиў;
«Жасыл қапламалар» пайда етиў ушын 2019-жыл даўамында «Өзбекнефтьгаз» акционерлик жәмийетиниң Қаржы министрлиги жанындағы Арал бойы аймағын раўажландырыў қоры алдындағы қарыздарлығы есабынан басқышпа-басқыш 100 млрд сум муғдарында қаржы ажыратылыўы ҳаққындағы усынысларына келисим берилди.
Арал теңизиниң суўы қурыған аймағында 2019-жыл бәҳәр ҳәм гүз мәўсимлеринде «жасыл қапламалар» пайда етиў көлемлери тастыйықланды.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған