Telegram karinform

Технология

  • 18.02.2019 12:21
  • 1605

Жаңадан қурылып атырған турақ жайларға газ ийиси бойынша детекторлар орнатылмақта


Қарақалпақстанда турақ жайларға газ ийисиниң тарқалыўынан хабардар ететуғын үскене – газ ийиси детекторлары орнатылмақта. Бул ҳаққында ӨзА хабар берди.
- Жаңа турақ жайлар қурылысында қолланыўға арналған газ ийисиниң тарқалыўында қәўипсизликти тәмийинлейтуғын қурылмалар алып келинбекте, - дейди Қарақалпақстан Республикасы ИИМ Өрт қәўипсизлиги басқармасының баслығы Азамат Давлетов. – Бул қурылма универсал қорғаныў қуралы болып, жаныўшы метан, пропан, бутан ҳәм зәҳәрли газ ийислерин автоматластырылған тәризде анықлап, белгиленген муғдары артып кеткен жағдайда арнаўлы клапан арқалы газди тармақтан үзип қояды. Нәтийжеде бөлмеге газ топланыўына жол қойылмайды. Бул үскене сызып шыққан газ қәўпи сапластырылғанға шекем ескертиўши даўыслы сигнал берип турады. Қурылма электр энергиясы менен ислейди. Егер электр тәмийнаты үзилип қалса, өзиндеги аккумлятор жәрдеминде 24 саатқа шекем еркин, яғный электр энергиясысыз үзиликсиз ислеўи мүмкин.
Аймақта әмелге асырылып атырған бул илаж Президенттиң 2018-жыл 12-декабрьдеги «Физикалық ҳәм юридикалық шахслар мүлкиниң қорғалыўын тәмийинлеўдиң нәтийжелилигин арттырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарының орынланыўы шеңберинде әмелге асырылмақта. Қарарда 2022-жыл 31-декабрьге шекем жаңа турақ жайлар газоанализаторлар менен үскенелениўи кереклиги көрсетилген.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Түнги ўақытта пуқаралардың тынышлығын бузыў жәриймаға себеп болады

Түнги ўақытта пуқаралардың тынышлығын бузыў жәриймаға себеп болады

Уқсас жаңалықлар

Түнги ўақытта пуқаралардың тынышлығын бузыў жәриймаға себеп болады

Түнги ўақытта пуқаралардың тынышлығын бузыў жәриймаға себеп болады

    Түнги ўақытта саат 23.00 ден 06.00 ге шекем пуқаралардың тынышлығын ҳәм нормал дем алыўын бузыў,

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

    Лондон Патшалық колледжиниң илимпазлары Лондон Империал колледжиниң кәсиплеслери менен биргеликте лаборатория шараятында жасалма түрде инсан

Қарақалпақстанда биринши мәрте өткерилген Арал мәденияты саммити: мәденият, көркем өнер ҳәм климат мәселелери бир сахнада

Қарақалпақстанда биринши мәрте өткерилген Арал мәденияты саммити: мәденият, көркем өнер ҳәм климат мәселелери бир сахнада

    2025-жыл 4-6-апрель күнлери Қарақалпақстан Республикасы тарийхый ўақыяға гүўа болды – биринши мәрте Арал мәденияты саммити