Telegram karinform

Спорт

  • 18.02.2019 15:29
  • 1694

Әскерий усыныснамаға ийе студентлер арасында «Суңқарлар» спорт жарысы өткерилди

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында әскерий бөлимниң арнаўлы усыныснамасы тийкарында оқып атырған студент-жаслар арасында «Суңқарлар» спорт жарысы өткерилди.
Институттың жаслар аўқамы басланғыш шөлкеми ҳәм кәсиплик аўқамы тәрепинен шөлкемлестирилген жарысқа институттың барлық факультетлеринде оқып атырған 20 студент қатнасты.
- Жарысты өткериўден тийкарғы мақсетимиз усыныснама тийкарында оқып атырған жаслардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў, бул арқалы барлық студентлер арасында спортқа болған қызығыўшылықты арттырыў ҳәм саламат турмыс тәризин енгизиўден ибарат, - дейди институт жаслар аўқамы жетекшиси Б.Гүлимбетов.
Әскерий усыныснамаға ийе студентлер арасында «Суңқарлар» спорт жарысы өткерилди
Әскерий усыныснамаға ийе студентлер арасында «Суңқарлар» спорт жарысы өткерилди
Әскерий усыныснамаға ийе студентлер арасында «Суңқарлар» спорт жарысы өткерилди
Жарыста студентлер жеке тәртипте турникке тартыныў, брусьяда ислеў, тас көтериў, 100 метрге жуўырыў, граната ылақтырыў, армрестлинг, баскетбол тобын шеңберге ылақтырыў сыяқлы спорт түрлеринен өз спорт таярлықларын сынап көрди.
Жарыс жуўмағында жеңимпазлар анықланып, институттың кәсиплик аўқамы тәрепинен таярланған саўғалар менен сыйлықланды.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

        Экономика ҳәм тынышлық институты тәрепинен жәрияланған жыллық Global Peace Index  (GPI) рейтингинде Өзбекстан 163 мәмлекет