Telegram karinform

Жәмийет

  • 18.02.2019 17:38
  • 1770

Жәҳән банки есабы: Өзбекстанда жаслар жумыс излемей қойған, себеби олар жумыс таба алмайтуғынына исенеди


Жәҳән банки ҳәм Халықаралық қаржы корпорациясы таярлаған есапта Өзбекстан белгили бир тараўлар, атап айтқанда, бәнтлик, исбилерменлик, экспорт ҳәм энергонәтийжелилик сыяқлы бағдарларды раўажландырыўы кереклиги жазылған. Бул ҳаққында Kun.uz хабар берди.
«2016-жыл мағлыўматларына қарағанда, мийнетке жарамлы адамлар саны Өзбекстанда 23 миллион пуқараны қурады. Бул улыўма халықтың 72 процентин қурайды. Олардың 62 проценти (шама менен, 13 миллион) жумыс пенен бәнт. Егер усы тенденция сақланып қалса, 2030-жылға барып, мийнетке жарамлы адамлар саны және 4 миллионға көбейиўи мүмкин. Өзбекстан Европа ҳәм Орайлық Азия регионында бул көрсеткиш бойынша бесинши ең үлкен мәмлекетке айланады.
Бирақ, бир қанша факторларды да есапқа алыў керек: мийнетке жарамлы көп адамлар белсенди емес, жумыс пенен бәнт емес ямаса сырт елде ислейди. Әсиресе, 20-24 жастағы ҳәр 10 адамның бири белсене түрде жумыс излемейди, себеби ол жумыс табылмайтуғынлығына исенеди», - деп жазылған есапта.
Мәлим етилиўинше, халықтың көпшилик бөлеги аўыл хожалығы ҳәм хызмет көрсетиў тараўында бәнт, рәсмий секторда болса мәмлекетлик кәрханалар дәрриў көзге тасланады.
«Ҳәр бес адамның төртеўи аўыл хожалығы тараўы ямаса киши хызмет көрсетиў хызмети менен бәнт. Сәйкес түрде бул тараўлардың улыўма ишки өнимдеги үлеси де усыншаны қурайды. Мәмлекетлик кәрханаларда болса бәнт болған хызметкерлер улыўма хызметкерлердиң 1/3 бөлимин қурайды. Өзбекстанда елеге шекем нәтийжелилиги төмен болған ири мәмлекетлик кәрханалар ҳәм қосымша жалланба күш жәрдемисиз (улыўма көрсеткиштен 70 проценти усындай) жумыс алып барып атырған киши фирмалардың белсендилиги сезиледи», - деп атап өтилген ҳүжжетте.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында