Telegram karinform

Спорт

  • 19.02.2019 15:22
  • 1530

Қарақалпақстанда ат спорты бойынша балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектеплери шөлкемлестириледи


2019-2020-жылларда Қарақалпақстан Республикасы, Жиззақ, Қашқадәрья, Наўайы, Самарқанд, Сурхандәрья, Сырдәрья, Ташкент, Хорезм ўәлаятлары ҳәм Ташкент қаласында мәмлекетлик-жеке меншик шериклик шәртлери тийкарында ат спорты бойынша балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектеплери басқышпа-басқыш шөлкемлестириледи. Бул ҳаққында Президенттиң «Өзбекстан Республикасында жылқышылық ҳәм ат спортын раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарында атап өтилген.
Қарар тийкарында:
- Өзбекстан жылқышылық ҳәм ат спорты федерациясы жанында юридикалық шахс статусына ийе болған Қарабайыр сортлы атларды жетистириў ҳәм көбейтиў бойынша инновациялық селекциялық-генетикалық орайды шөлкемлестириў;
- Өзбекстан жылқышылық ҳәм ат спорты федерациясы баслығының орынбасары – Қарабайыр сортлы атларды жетистириў ҳәм көбейтиў бойынша инновациялық селекциялық-генетикалық орай директоры лаўазымын енгизиў;
- Қарабайыр сортлы атларды жетистириў ҳәм көбейтиў бойынша «Қарабайыр жылқышылық комплекси» УКны «Шортангазхимия комплекси» ЖШЖ ийелигинен «Өзбекстан темир жоллары» АЖ ийелигине бериў;
- Қарабайыр сортлы атларды жетистириў ҳәм көбейтиў бойынша «Қарабайыр жылқышылық комплекси» УК ҳәм «Водий тулпорлари» ЖШЖ комплекслерин, олардың тәмийнатының қаржыландырыў тәртибин сақлап қалған ҳалда ҳәм жыллық қәрежетлери көрсеткишлерин Өзбекстан жылқышылық ҳәм ат спорты федерациясы менен мәжбүрий келисиў шәрти менен, Федерация қурамына киргизиў ҳаққындағы усыныслар мақулланды.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында