Telegram karinform

Экономика

  • 20.02.2019 17:01
  • 1434

Сапасыз қурылған жоллар бойынша кимге мүрәжат етиў мүмкин?


Сапасыз жол болмаған қала ямаса район болмаса керек. Айырымларында оңлаў жумыслары алып барылса да, олардағы жумыстың сапасынан көпшиликтиң кеўли толмайды. Усындай жағдайда кимге мүрәжат етиў мүмкин?
Транспорт министрлиги жанындағы Жол-қурылыс жумысларының сапасын қадағалаў бойынша мәмлекетлик инспекциясының баслығы Зарифулла Хўжановтың мәлим етиўинше, инспекцияның 71 268-92-68 номерли исеним телефонына ямаса uzavtoyul.uz сайтына мүрәжат етиў мүмкин. Инспекция бурынғы жоллардың сапасына жуўап бермейди, алып барылып атырған жол қурылысларының сапасын қадағалап барады ҳәм бул бойынша шағымларды қабыллайды. Бул ҳаққында Kun.uz хабар берди.
Мағлыўмат орнында айтып өтиў керек, бул инспекция тәрепинен 2018-жыл даўамында жол қурылысы тараўында 8 мыңнан аслам нызам бузыўшылықлар анықланған. 2500 ден аслам көрсетпелер берилген, оларды ўақтында ҳәм сапалы орынламаған 302 хызметкерге ҳәр қыйлы жәриймалар белгиленген, ҳәттеки суд тәрепинен жуўапкершиликке тартылған.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz

Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...