Telegram karinform

Спорт

  • 22.02.2019 10:08
  • 1591

«Жаслар шахмат тахтасы» турнириниң Нөкис қалалық басқышы болып өтти


21-февраль күни Өзбекстан жаслар аўқамы Нөкис қалалық Кеңеси тәрепинен қаламызда жайласқан барлық улыўма билим бериў ҳәм орта арнаўлы оқыў орынларынан 7-9, 11-13, 15-19 жас аралығындағы оқыўшы-жаслар арасында «Жаслар шахмат тахтасы» турнириниң Нөкис қалалық басқышы өткерилди.

- Турнирди өткериўдеги мақсетимиз, жәмийетимизде социаллық-руўхый мәдениятымызды және де жетилистириў, өсип киятырған жас әўладты уллы бабаларымыздың мүнәсип избасарлары етип тәрбиялаў, миллий үрип-әдетлеримизди қәдирлеў жасларымызды жаман иллетлерден, зыянлы ағымлар тәсиринен қорғаў, жасларды спорт жарысларына кең көлемде тартыў ҳәм спорттың шахмат түрин раўажландырыў болып есапланады, - дейди Өзбекстан жаслар аўқамы Нөкис қалалық Кеңеси «Камалак» балалар шөлкеми баслығы Азамат Абибуллаев.

Қалалық басқышқа улыўма 550 оқыўшы-жаслар қатнасып, ҳәр бир жас категориясы бойынша 1-орынды ийелеген 11 оқыўшыға турнирдиң Қарақалпақстан Республикалық басқышына жоллама берилди.

Ислам Матеков.

Фотолар авторы: Мақсет Ҳабибуллаев.
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында