Telegram karinform

Мәденият

  • 27.02.2019 11:16
  • 480

И.В.Савицкий атындағы музей директоры лаўазымына халықаралық таңлаў жәрияланды

И.В.Савицкий атындағы музей директоры лаўазымына халықаралық таңлаў жәрияланды
Нөкис қаласындағы И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейи директоры лаўазымына халықаралық таңлаў жәрияланды.
Бул лаўазымға талапкер болған талабанға қойылатуғын тийкарғы талаплар көркем өнер тарийхы, музей жумысы, археология ҳәм антропология ямаса басқа тийисли тараўдағы илимий дәреже, музей, галерея ямаса басқа мәденият мәкемелеринде кеминде 4 жыл басшылық лаўазымларында мийнет еткен болыўы, инглис тилин еркин дәрежеде билиўден ибарат.
Талабанлар усы жылдың 25-апрелине шекем резюмелерин Мәденият ҳәм көркем өнерди раўажландырыў қорына жибериўи мүмкин. Дәслепки басқыштан өткен талабанлар 13-майға шекем бул ҳаққында хабардар етиледи. Жүзбе-жүз сәўбетлесиўлер Нөкис қаласында 20-майдан баслап бир ҳәпте даўамында өткериледи.
Таңлаў жеңимпазы 2019-жыл 1-июнь күни жәрияланады. Жеңимпаз бенен үш жыллық шәртнама дүзиледи.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

Уқсас жаңалықлар

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

        Германияда адамлар өлгеннен кейин келешекте қайта тирилиўи ушын денелерин ўақтынша музлатып қойыў хызмети иске түсти.

Өзбекстанның баспасөз еркинлиги рейтингиндеги орны өзгериссиз қалды

Өзбекстанның баспасөз еркинлиги рейтингиндеги орны өзгериссиз қалды

        Өзбекстан баспасөз еркинлиги индексинде дүньяның 180 мәмлекетиниң ишинде 148-орынды ийеледи. Республика 2024-жылғы рейтингде де усындай

Өзбекстанда интернет пайдаланыўшылары саны жәрияланды

Өзбекстанда интернет пайдаланыўшылары саны жәрияланды

    ​Миллий статистика комитетиниң берген мағлыўматларына муўапық, интернет пайдаланыўшылары саны дерлик 94%ке жеткенлигин көриўимиз мүмкин. Жоқарыдағы