Telegram karinform

Спорт

  • 22.04.2017 12:14
  • 2350

«Patriot boxing team» ҳәм «Uzbek Tigers» ортасындағы беллесиўлерден кейинги ойлар…

Дүнья жүзилик бокс сериясы (WSB) шеңберинде Өзбекистан Республикасының «Uzbek Tigers» командасы 21-апрель күни Россияның «Patriot boxing team» командасына қарсы беллесиўлерди алып барды. Беллесиўлер Россия Федерациясының Перм қаласында болып өтти. Беллесиўдиң жуўмақларына муўапық, жерлеслеримиз командалық есапта 3:2 есабында уттырды.
Есиңизде болса, командалардың Ташкент қаласында болып өткен беллесиўлеринде жерлеслеримиз 5:0 есабы менен жеңиске ерискен еди. Мен усы бокс сериясының тек өз жеримизде өткен беллесиўлерин ғана бақлап барған екенмен. Өзбекистан бокс федерациясының жарысты шөлкемлестириў дәрежесине кешеги Россияда болып өткен беллесиўлерди көрип 100 емес ҳәттеки оннан да көп процент кеўлим толды. Россияда болып өткен жарыстың шөлкемлестирилиўине ноль баҳасын берген болар едим. Өйткени, спортшыларды таныстырыў, олардың рингге көтерилиўи алдынан өзине тән шоу өткериў, ҳәр қыйлы графикалық эффектлер – булардың ҳеш қайсысын көрмедим. Буған да көнермиз. Деген менен, боксшылардың ҳәр раунд жуўмағында тәнепис ўақтында отыратуғын отырғышларын көрип, расы, бираз кеўлим қалды. Россиядай қүдиретли, бай мәмлекет өз спортшыларына арқасында сүйенетуғыны бар, жумсақ, ал бизиң жерлеслеримизге болса қатты, арқасында сүйенетуғын жери де жоқ отырғышларды қойғаны…

«Patriot boxing team» ҳәм «Uzbek Tigers» ортасындағы беллесиўлерден кейинги ойлар…

«Patriot boxing team» ҳәм «Uzbek Tigers» ортасындағы беллесиўлерден кейинги ойлар…

Бурынғы Аўқамның ўақтында армияда болғанлар армияда отырғышлардың арқасында сүйенетуғын жери болмайды, деп айта беретуғын гәпи есиме түсип кетти. Буларды айырымларыңыз майда-шүйде кемшиликлер деп ойлаўыңыз мүмкин. Бирақ, мен олай ойламайман. Себеби, қолайлы отырғышлар да жарыстың нәтийжесине өз тәсирин өткериўи анық. Жарыс ўақтындағы спортшылар ҳаққындағы мағлыўматлар да кемшиликлерге толы. Буларға да көз жумып кетиў мүмкин. Бирақ…
Егер боксшылардың өз-ара беллесиўлерин тамашалаған болсаңыз, боксшыларымыз рингге шығып келген ўақтында бизиң мақтанышымыз ҳәм ар-намысымыздың белгиси болған байрақларымызды ярым жалаңаш қызлардың көтерип шыққаны кимди болса да ғәзеплендиреди. Заманагөй бокста бул уятлы жағдай болмаўы мүмкин. Деген менен, миллеттиң белгиси, ар-намысы болған миллий мәмлекетшилигимиздиң байрағын бундай жағдайда алып шығылыўына тек мен емес көпшилик наразы болды.
Буның менен мен Россия ямаса рус халқына айып тақпақшы емеспен. Бирақ, мәмлекетлик, халықаралық көлемде өткерилетуғын бундай беллесиўлерде шөлкемлестириў дәрежеси жоқары болыўы кереклигин айтып өтпекшимен.

Ислам Матеков.
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанның баспасөз еркинлиги рейтингиндеги орны өзгериссиз қалды

Өзбекстанның баспасөз еркинлиги рейтингиндеги орны өзгериссиз қалды

Уқсас жаңалықлар

Контракт толық төленбесе, студентти жуўмақлаўшы ямаса аралық имтиханларға киргизбеў мүмкин бе?

Контракт толық төленбесе, студентти жуўмақлаўшы ямаса аралық имтиханларға киргизбеў мүмкин бе?

    Контрактын төлемеген студентти жуўмақлаўшы ямаса аралық имтиханларға киргизбеў нызамлы тийкарға ийе емес. Егер студент улыўма

2025-жылда туўылатуғын балалар Бета аўлад деп аталады

2025-жылда туўылатуғын балалар Бета аўлад деп аталады

    2025-2039-жыллар аралығында туўылған балалар Бета әўлад ўәкиллери сыпатында тән алынады. Бул ҳаққында «New York Post»

Самолёттың қайсы бөлеги қәўипсизрек?

Самолёттың қайсы бөлеги қәўипсизрек?

    Қәнигелердиң пикиринше, борттағы ең қәўипсиз жер самолёттың артқы тәрепиниң үштен бир бөлеги. АҚШ Пуқаралық Авиация