Telegram karinform

Жәмийет

  • 14.03.2019 11:40
  • 1559

Өзбекстан-Қазақстан шегарасында күшли жер силкиниўи жүз берди


14-март күни Ташкент ўақты менен саат 02:33 те Өзбекстан-Қазақстан шегарасында күшли жер силкиниўи жүз берди.
Европа ҳәм Жер орта теңизи сейсмостанциясының мағлыўматларына қарағанда, жер силкиниўиниң эпицентри Қазақстан аймағында, Ташкент қаласынан 29 км шығыста ҳәм 30 км тереңликте жайласқан, жер силкиниўиниң күши 4,7 баллды қураған.
Өзбекстан Айырықша жағдайлар министрлигиниң хабар бериўинше, Ташкент қаласында жер силкиниўиниң күши 4 баллға, Гүлистан ҳәм Жиззақта 2 баллға тең болды.
Өзбекстанның басқа қалаларында сейсмологиялық активлик бақланбаған. Имаратлардың ўайран болыўы ҳәм жәбирлениўшилер ҳаққында мағлыўмат келип түспеген.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...