Telegram karinform

Спорт

  • 14.03.2019 16:17
  • 1984

Зиданның «Реал» президентине қойған 6 шәрти


«Реал» футбол клубының бас тренери хызметине қайтқан Зиннедин Зидан команда президенти Флорентино Переске өзиниң шәртлерин қойды, - деп жазады Marca басылымы.
46 жаслы франциялы қәниге өзи қойған шәртлер бойынша жумыс алып барады. Клуб басшылары Зиданның шәртлерин қабыл етип, оның менен 2022-жылдың жазына шекем шәртнама дүзди.

Хош, Зидан «Реал» президентине қандай шәртлерди қойды?

1-шәрт. Зидан команда қурамын толық өз қадағалаўына алады.
2-шәрт. Өзиниң жойбарларына сәйкес келмейтуғын футболшыларды сатып жибереди.
3-шәрт. Қорғаўшы Марсело ҳәм ярым қорғаўшы Исконы командада алып қалады.
4-шәрт. Неймарды «Реал»ға алып келиўге қарсы.
5-шәрт. Хамес Родригестиң командаға қайтып келиўин қәлемейди.
6-шәрт. Килиан Мбаппени клубқа алып келиў ушын барлық шараятларды жаратыў.

Еслетип өтемиз, Зиннедин Зидан «Реал»ға 2016-2018-жыллар аралығында бас тренер болған. Франциялы қәниге қол астында мадридлилер әжайып нәтийжелерди қолға киргизди. Чемпионлар лигасында қатара үш жыл жеңимпаз болған командаға айланды. Испания чемпионы, Суперкубогы, УЕФА Суперкубогын жеңип алды. Клублар арасындағы жәҳән чемпионатында еки мәрте чемпион болды.
Зидан 2001-2006-жыллар аралығында «Реал»да ойнаған. Усы клубтағы ойынлары менен өзиниң футболшылық хызметин жуўмақлаған.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

        Қазақстанда мәмлекетлик хызметкерлерге ChatGPT жасалма интеллект системасынан хызмет мақсетлеринде пайдаланыў қадаған етиледи. Бул ҳаққында Санлы

Goal талқылаўы бойынша «Алтын топ» ушын тийкарғы талабанлардың дизими жәрияланды

Goal талқылаўы бойынша «Алтын топ» ушын тийкарғы талабанлардың дизими жәрияланды

Goal порталы «Алтын топ» ушын тийкарғы талабанлар дизимин жәриялады. Оған бола, «Барселона» вингери Рафиня бул бағдарда...

Жаңа изертлеў социаллық тармақлардың зыяны ҳаққындағы стереотипти бийкарлады

Жаңа изертлеў социаллық тармақлардың зыяны ҳаққындағы стереотипти бийкарлады

    Мәлим болыўынша, айырым жағдайларда социаллық тармақлар ҳәтте дыққатты жақсылаўға жәрдем бериўи мүмкин.         Австралияның Кертин университети