Telegram karinform

Мәденият

  • 09.04.2019 14:40
  • 1697

Жерлеслеримиз Халықаралық бақсышылық фестивалында жеңимпаз болды


Сурхандәрья ўәлаятының Термиз қаласында өткерилип атырған Халықаралық бақсышылық өнери фестивалы шеңберинде республикалық бақсылардың таңлаўы болип өтти. Бул ҳаққында ҚР Министрлер Кеңеси мәлимлеме хызмети хабар берди.
Онда Өзбекстан Республикасының ҳәр қыйлы аймақларында дөретиўшилик етип атырған 87 бақсы, ақын ҳәм жыраўлар қатарында қарақалпақстанлы көркем өнер хызметкерлери де белсене қатнаспақта.
3 бағдар бойынша шөлкемлестирилген таңлаў қатнасыўшыларының ҳәр бир шығыўларын тәжирийбели төрешилер қурамы ашық-айдынлық ҳәм қалыслық принциплери тийкарында баҳалап барды.
Таңлаў жуўмағында ашық ҳаўазда дәстан жырлаў бойынша жерлесимиз Ерисбай бақсы Асқаров сыйлы 1-орынды, ал Муҳаммед бақсы Төребеков 3-орынларды қолға киргизип, дипломлар ҳәм сәйкес түрде 5 миллион сум ҳәм 3 миллион сум муғдарындағы ақшалай сыйлықлар менен сыйлықланды.
Жыраўлар бағдарында Саламат жыраў Аяпов 2-орынды қолға киргизди ҳәм 4 милион сум муғдарындағы пул сыйлығы менен сыйлықланды.
Сондай-ақ, фестивальға белсене қатнасқаны ушын жерлеслеримиз М.Аекеев, М.Муҳаммеддинова ҳәм Б.Асқаровалар диплом ҳәм пул сыйлықлары менен сыйлықланды.
Халықаралық фестиваль қызғын даўам етпекте.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

Ҳәр жылдың 1-июнь күни Халық аралық балаларды қорғаў күни сыпатында белгиленеди. Бул сәне 1949-жылы Парижде Халықаралық...

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

        Экономика ҳәм тынышлық институты тәрепинен жәрияланған жыллық Global Peace Index  (GPI) рейтингинде Өзбекстан 163 мәмлекет

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

        12-май күни Американың IT гигантлары Google ҳәм Амазон өзиниң логотиплерин көп жыллар даўамында биринши мәрте