Telegram karinform

Технология

  • 16.09.2017 11:31
  • 2412

Ойыншық кеме Шотландиядан Африкаға шекем жүзип барады



Шотландияның Абердиншир деген жеринде жасайтуғын Фергюсонлар шаңарағы, яғный шаңарақ басшысы Макнил менен оның 8 жаслы Олли ҳәм 5 жаслы Гарри исимли балалары теңизге ойыншық кеме жиберген.



Дәслеп олар кемени жақсылап ислеп шыққан ҳәм оған Adventure деп ат берген. Олар кемени усы жылдың май айында теңизге жиберген. Фергюсонлар кемениң жолында ушырасқан адамларға арнап хат та жазған. Онда Олли менен Гарри Adventure кемесин көрген адамлардан мағлыўмат бериўди өтиниш еткен.



Олардың өтиниши орынланды. Ҳәзирде кеме 630 километр жүзип, Дания жағалаўларына жеткен. Бул ҳаққында кемени көрген адамлар хабар берген. Кейин кемени Швеция жағалаўларында бир ҳаял таўып алған. Ол Фергюсонларға кемениң шақаларға илинип қалғанын айтып, кейин оны оңлап, теңизге жибергенин жазып жиберген. Кеме соңынан Норвегияға жеткен. Ол жердеги ҒХҚлар «Арқа теңизди жүзип өткен кеме» атамасында мақалалар жәриялаған.



Ойыншық кеме буннан соң теңизде «Кристиан Радич» кемеси менен дусласып, борт қурамындағылардың берген мағлыўматы бойынша, Adventure олар менен бирге Африка жағалаўларына жүзип баратыр екен. Борт ағзалары ойыншық кемени Жасыл боб деген жерде теңизге жибереди ҳәм ол Атлантика океаны арқалы жүзип кетеди.

Ислам МАТЕКОВ.
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

        Германияда адамлар өлгеннен кейин келешекте қайта тирилиўи ушын денелерин ўақтынша музлатып қойыў хызмети иске түсти.