Telegram karinform

Жәмийет

  • 04.05.2019 12:35
  • 2127

Берунийде пахта орнына жамбылша еккени ушын жери алып қойылған фермердиң өзин асқаны ҳаққындағы хабарлар қаншелли ҳақыйқат?

Берунийде пахта орнына жамбылша еккени ушын жери алып қойылған фермердиң өзин асқаны ҳаққындағы хабарлар қаншелли ҳақыйқат?
Усы жылдың 25-апрель күни «Озодлик» радиостанциясының веб-сайтында «Пахта ўрнига ҳандалак эккани учун ери тортиб олинган фермер ўзини осди» атамасындағы материал жәрияланған еди.
Материалда Беруний районындағы «Лобар Шуҳрат қизи» фермер хожалығының баслығы 1987-жылы туўылған Сафаров Шуҳрат Рўзиевич хожалықтың жер майданына жамбылша еккени ушын фермер хожалығының жумыслары тоқтатылғаны, буның ақыбетинде, Ш.Сафаров дәслеп уксус кислотасын ишип, соңынан өзин асыў арқалы жанына қастыянлық еткени, көрсетилген биринши медициналық жәрдем нәтийжесинде өмири сақлап қалынғаны, сондай-ақ, район ҳәкими ҳәм оның орынбасары нызамсыз түрде қарар қабыл еткени ҳаққында сөз етилген.
Тастыйықланған мағлыўматларға қарағанда, Ш.Сафаров жобаға муўапық егилиўи керек болған пахтаның орнына жамбалша еккен. Оған бир неше мәрте ескертиўлер берилген. Соған қарамастан, ол өзине дурыс жуўмақ шығармастан өз жумысын даўам еттире берген. Кейин ала оның жердиң өнимли қатламы менен байланыслы жуўапкершиликсиз ҳәрекетлери де анықланып, фермер хожалығы жумысы тоқтатылған.
Ш.Сафаровтың ата-анасы район ҳәкиминиң қабыллаўында болып, фермер хожалығы жумыслары тоқтатылатуғын болса Интернет тармағы арқалы материал жәриялатып, оны жумыстан шығартып жиберетуғынын айтып қорқытпақшы болған.
Фермердиң ағайин-туўысқанлары «Озодлик» радиостанциясына өтирик мағлыўматларды жеткерген. Буннан соң радиостанциядан өзин Ҳурмат Бобожонов деп таныстырған адам районлық медициналық бирлеспеси бас шыпакери ҳәм район ҳәкимлигине қоңыраў еткен. Медициналық бирлеспениң бас шыпакери ҳәм район ҳәкими жәрдемшиси қоңыраўға жуўап бергени менен, жағдай бойынша толық мағлыўмат бермеген.
Қосымша үйрениўлер даўамында Ш.Сафаров уксус кислотасын аз муғдарда қабыллағаны, бирақ өзин аспағаны, денсаўлығы жақсы екенлиги белгили болды.
Усы орында соны айтып өтиў орынлы, Интернет ямаса қәлеген ғалаба хабар қуралы адамларды қорқытыў ямаса ҳәр қыйлы ўақыяларды ойлап таўып, өзиниң турпайы ҳәрекетлерин жасырыў ушын хызмет етпеўи керек.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Түнги ўақытта пуқаралардың тынышлығын бузыў жәриймаға себеп болады

Түнги ўақытта пуқаралардың тынышлығын бузыў жәриймаға себеп болады

Уқсас жаңалықлар

Түнги ўақытта пуқаралардың тынышлығын бузыў жәриймаға себеп болады

Түнги ўақытта пуқаралардың тынышлығын бузыў жәриймаға себеп болады

    Түнги ўақытта саат 23.00 ден 06.00 ге шекем пуқаралардың тынышлығын ҳәм нормал дем алыўын бузыў,

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

    Лондон Патшалық колледжиниң илимпазлары Лондон Империал колледжиниң кәсиплеслери менен биргеликте лаборатория шараятында жасалма түрде инсан

Ертең Қарақалпақстанда жаўын жаўыўы күтилмекте

Ертең Қарақалпақстанда жаўын жаўыўы күтилмекте

Өзбекстан гидрометеорология хызмети агентлиги 17-апрель күни ушын ҳаўа-райы прогнозын жәриялады. Мәлим етилиўинше, ертең, 17-апрель күни Республиканың...