Telegram karinform

Мәденият

  • 30.04.2019 15:08
  • 1577

Студентлердиң мийнетлериниң көргизбеси болып өтти


Өзбекстан Республикасы Көркем өнер академиясы Қарақалпақстан бөлими көргизбелер сарайында Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты педагогика факультети сүўретлеў өнери ҳәм инженерлик графикасы бағдары студентлериниң мийнетлериниң көргизбеси ашылды.
Республикалық көлемде өткерилип атырған «Сүўретлеў ҳәм әмелий өнер ҳәптелиги» шеңберинде шөлкемлестирилген илаж «Гөззаллық әлеми» деп аталып, онда 18 студенттиң 100 ден аслам мийнетлери тамашагөйлер итибарына усынылды.



Графика, живопись, соның менен бирге, әмелий қол өнери үлгилери, дизайнерлердиң мийнетлеринен дүзилген көргизбеде Қарақалпақстан халық художниги Жеңис Лепесов ҳәм институт жәмәәти сөзге шығып, жаслардың мийнетлерине жоқары баҳа берди ҳәм белсене қатнасқан студентлерге ҳүрмет жарлықлары тапсырылды.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Уқсас жаңалықлар

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

    Өткен ҳәптеде Олий Мажлис Нызамшылық палатасында болып өткен дөгерек сәўбетинде онлайн-платформалар бойынша нызам жойбары ҳаққында