Telegram karinform

Спорт

  • 01.05.2019 10:15
  • 1691

Тарийхый нәтийже: Қарақалпақстанлы спортшы Өзбекстан чемпионатында 9 алтын медальды қолға киргизди


Усы жылдың 24-29апрель күнлери Наўайы ўәлаятында спорттың жүзиў түринен 2001-2002-жыллары туўылған ҳәм 2000-жыл ҳәм оннан үлкен жастағы спортшылар арасында Өзбекстан чемпионаты болып өтти. Бул ҳаққында бизге Қарақалпақстан жүзиў федерациясының атқарыўшы директоры Азамат Қалилаев хабар берди.
Чемпионатқа Қарақалпақстаннан Нөкис қәнигелестирилген олимпия резервлери мектеп-интернатынан 9 спортшы қатнасты.
Олар арасында Әдилбек Юсупбаев жәми 9 алтын медальды қолға киргизгени елимиз жүзиў спорты тарийхындағы үлкен нәтийже болды.
Ол дәслеп 50, 100 ҳәм 200 метр аралыққа шалқайып жүзиў бойынша қарсыласларынан үстин келип, 3 алтын медальды қолға киргизген болса, 50 метрге баттерфляй, сондай-ақ, 50 ҳәм 100 метр аралықларға еркин усылда жүзиў бойынша да теңсиз болды.

Сондай-ақ, Әдилбек өзинен үлкен жастағы спортшылар арасында да жарысларға қатнасып өзиниң жақсы спорт формасында екенлигин көрсетти. Яғный, 50 метрге баттерфляй, 50 ҳәм 100 метр аралықларға шалқайып жүзиў бойынша алтын медальды қолға киргизип, командамыздың тарийхый нәтийжесине үлкен үлес қосты.
Соның менен бирге, 200 метр аралыққа брасс усылында жүзиў бойынша жерлесимиз Расул Еримбетов 2-орынды алған болса, 200 метр аралыққа баттерфляй усылында және бир жерлесимиз Бахытжан Абдуллаев 2-орынды ийелеп, устазларының исенимин ақлады.
Спортшыларды жарысқа Нызаматдин Атамуратов ҳәм Ислам Қудайбергеновлар таярлады.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...