Telegram karinform

Сиясат

  • 01.05.2019 11:10
  • 1439

Германия Федеративлик Республикасы Ҳүкимети ағзалары Қарақалпақстанда


Усы жылдың 1-май күни Германия Федеративлик Республикасы Ҳүкимети ағзаларынан ибарат жумысшы топар Қарақалпақстан Республикасына келмекте. Бул ҳаққында ҚР Министрлер Кеңеси мәлимлеме хызмети хабар берди.
Жумысшы топардың күнниң биринши ярымында И.В.Савицкий атындағы қарақалпақ көркем өнер музейине ҳәм Республикалық балалар көп тармақлы медицина орайына және Кегейли районында жайласқан Академик М.Мирзаев атындағы бағшылық ҳәм виношылық илимий изертлеў институтының Қарақалпақстан Республикасы тәжирийбе станциясына барыўы күтилмекте.
Күнниң екинши ярымында болса, мийманлар Мойнақ районында болып, аймақтағы абаданластырыў ҳәм дөретиўшилик жумыслары менен танысады.
Сапар етиў жуўмақлары менен таныстырып барамыз.
Мағлыўмат орнында, усы жылдың январь айында Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёев Германия Федеративлик Республикасының Федерал канцлери Ангела Меркельдиң мирәт етиўине бола усы елге сапар еткен еди.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...

Жәмийетлик орынларда уятлы сөзлер менен сөгиниў, пуқараларды кемситиў жәриймаға себеп болыўы мүмкин

Жәмийетлик орынларда уятлы сөзлер менен сөгиниў, пуқараларды кемситиў жәриймаға себеп болыўы мүмкин

        Бул норма Өзбекстан Республикасы ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 183-статьясында келтирилген «Майда гүдибузарлық, яғный, жәмийетлик орынларда