Telegram karinform

Мәденият

  • 08.05.2019 18:00
  • 1760

Студентлер театр-студиялары таңлаўының Қарақалпақстан Республикалық басқышы болып өтти

Студентлер театр-студиялары таңлаўының Қарақалпақстан Республикалық басқышы болып өтти
7-май күни Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театрында студентлер театр-студиялары таңлаўының Қарақалпақстан Республикалық басқышы болып өтти.
Оған Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети «Жайҳун», Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының «Туран», Ташкент мәмлекетлик аграр университети Нөкис филилалының «Жаслар», Ташкент мәмлекетлик педиатриялық медицина институты Нөкис филиалының «Гигиея», Әл-Хорезмий атындағы Ташкент информациялық технологиялар университети Нөкис филиалының «Таң нуры» студентлер театр-студиялары қатнасты.
Студентлер театр-студиялары таңлаўының Қарақалпақстан Республикалық басқышы болып өтти
Студентлер театр-студиялары таңлаўының Қарақалпақстан Республикалық басқышы болып өтти
Таңлаўды халқымызға белгили жазыўшы, театр актёр ҳәм актрисалары, жаслар аўқамы белсендилеринен дүзилген төрешилер қурамы баҳалап барды.
Таңлаўда Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети «Жайҳун» студентлер театр-студиясы Ә.Исмайыловтың «Көктеги әрман», Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының «Туран» студентлер театр-студиясы П.Дабыловтың «Пушайман», Ташкент мәмлекетлик аграр университети Нөкис филилалының «Жаслар» студентлер театр-студиясы Б.Назарымбетовтың «Тең-теңи менен», Ташкент мәмлекетлик педиатриялық медицина институты Нөкис филиалының «Гигиея» студентлер театр-студиясы Х.Султоновтың «Ойын», Әл-Хорезмий атындағы Ташкент информациялық технологиялар университети Нөкис филиалының «Таң нуры» студентлер театр-студиясы Ю.Сейдуллаевтың «Ҳеш кимге бермеймиз сени, Өзбекстан!» атамаларындағы шығармаларын сахналастырып, өз қәбилетлерин көрсетти.
Студентлер театр-студиялары таңлаўының Қарақалпақстан Республикалық басқышы болып өтти
Студентлер театр-студиялары таңлаўының Қарақалпақстан Республикалық басқышы болып өтти
Студентлер театр-студиялары таңлаўының Қарақалпақстан Республикалық басқышы болып өтти
Таңлаў жуўмағына бола, Ташкент мәмлекетлик педиатриялық медицина институты Нөкис филиалының «Гигиея» студентлер театр-студиясы тәрепинен сахналастырылған Х.Султоновтың «Ойын» сахналық дөретпеси «Ең жақсы спектакль» деп табылды ҳәм таңлаўдың келеси басқышына жолламаны қолға киргизди.
Студентлер театр-студиялары таңлаўының Қарақалпақстан Республикалық басқышы болып өтти
Қалған номинациялар менен төменде танысыўыңыз мүмкин:
«Әҳмийетли мәселени сахнада сәўлелендиргени ушын» - Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети «Жайҳун» студентлер театр-студиясы;
«Миллий үрп-әдет, дәстүрлер ҳәм қәдириятларды сәўлелендиргени ушын» - Ташкент мәмлекетлик аграр университети Нөкис филилалының «Жаслар» студентлер театр-студиясы;
«Ең жақсы еркек роли» - Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының «Туран» студентлер театр-студиясы ағзасы Нурсултан Төлегенов;
«Ең жақсы ҳаял роли» - Ташкент мәмлекетлик педиатриялық медицина институты Нөкис филиалының «Гигиея» студентлер театр-студиясы ағзасы Ҳүрлиман Сайыпназарова;
«Ең жақсы театр студиясы баслығы» - Әл-Хорезмий атындағы Ташкент информациялық технологиялар университети Нөкис филиалының «Таң нуры» студентлер театр-студиясы.

Ислам Матеков.
Автордың түсирген фотолары.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Уқсас жаңалықлар

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

    Өткен ҳәптеде Олий Мажлис Нызамшылық палатасында болып өткен дөгерек сәўбетинде онлайн-платформалар бойынша нызам жойбары ҳаққында