Telegram karinform

Мәденият

  • 10.05.2019 18:23
  • 1718

Пединститутта «Өзбекстан – улыўма үйимиз» атамасындағы фестиваль болып өтти

Пединститутта «Өзбекстан – улыўма үйимиз» атамасындағы фестиваль болып өтти
Өзбекстан – көп миллетли татыў шаңарақ. Елимизде 130 дан аслам халық ҳәм миллет ўәкиллери аўызбиршиликте тыныш-татыў өмир кеширмекте.
Президентимиз басшылығындағы елимизди раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында да миллетлер аралық татыўлық, кеңпейиллик сыяқлы улыўма инсаныйлық қәдириятлар улығланғанлығы бул бағдарда мәмлекетимиздеги халықлардың дослығы ҳәм бирадарлығын айқын көрсетпекте.
Бүгин, 10-май күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында «Өзбекстан – улыўма үйимиз» атамасындағы миллетлер аралық татыўлықты жырлаўға арналған фестиваль болып өтти.
Пединститутта «Өзбекстан – улыўма үйимиз» атамасындағы фестиваль болып өтти
Онда сөзге шыққан институт проректоры Қ.Қадиров ҳәзирги ўақытта елимизде билимлендириў процесси 7 тилде алып барылып атырғаны, институтта да 10 нан аслам миллет ўәкиллери оқып, билим алып атырғаны ҳәм халықлар, миллетлер арасындағы дослық орталығын беккемлеўде усындай фестивальлардың әҳмийети үлкен екенлигин айрықша атап өтти.
Фестивальға Қарақалпақстандағы миллий мәдений орайлардың баслықлары, кең жәмийетшилик ўәкиллери ҳәм студент-жаслар қатнасты.
Пединститутта «Өзбекстан – улыўма үйимиз» атамасындағы фестиваль болып өтти
Пединститутта «Өзбекстан – улыўма үйимиз» атамасындағы фестиваль болып өтти
Пединститутта «Өзбекстан – улыўма үйимиз» атамасындағы фестиваль болып өтти
Илажда институттың талантлы студентлери тәрепинен қарақалпақ, өзбек, қазақ, түркмен, рус, кореец, әзербайжан халықларының қосықлары ҳәм миллий аяқ-ойынлары атқарылды.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Уқсас жаңалықлар

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

    Өткен ҳәптеде Олий Мажлис Нызамшылық палатасында болып өткен дөгерек сәўбетинде онлайн-платформалар бойынша нызам жойбары ҳаққында