Telegram karinform

Жәмийет

  • 11.05.2019 09:48
  • 1694

Өзбекстанда қадаған етилген веб-сайтларға орнатылған шеклеў алып тасланды


Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалабалық коммуникациялар агентлиги бас директоры Комил Алламжоновтың Фейсбуктағы бетинде жәриялаўынша, «Voice of America», «Amerika ovozi», «BBC Uzbek», «Deutsche Welle», «Amnesty International», «Human Rights Watch», «Reporters sans frontieres», «Eurasianet.org», «AsiaTerra», «Fergana Agency», «Centre1», «Uzmetronom» сыяқлы веб-ресурслар ҳәм сырт ел веб-сайтларынан толық пайдаланыў имканияты жаратылды.
- Алдын хабар бергенимиздей, Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалабалық коммуникациялар агентлиги ЕҚБШ ның ҒХҚ еркинлиги мәселелери бойынша ўәкили Арлем Дезир тәрепинен жәрияланған айырым сырт ел мәлимлеме ресурсларына кириў имканияты шекленгени ҳаққындағы мағлыўматты үйренип шықты. Үйрениў нәтийжесинде көрсетилген веб-ресурслардың Өзбекстанда толық түрде жумыс ислеўине тосық болған техникалық кемшиликлер анықланды ҳәм оларды сапластырыў бойынша тийисли илажлар көрилди, - деп жазған К.Алламжонов.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған