Telegram karinform

Мәденият

  • 11.05.2019 10:55
  • 2149

Шоманайлы 4-класс оқыўшы қыз «Dance continent»халықаралық таңлаўында 2-орынды ийеледи


Усы жылдың 28-апрель ҳәм 3-май күнлери аралығында Россия Федерациясының Москва қаласында «DANCE CONTINENT» Халықаралық хореографиялық өнери таңлаўы болып өтти.
Таңлаўда қарақалпақша «Суўға барған қыз», сондай-ақ, Хорезм халық аяқ-ойыны «Нарын-Нарын» ойыны менен көпшиликтиң дыққатын тартып, өз қәбилетин көрсете алған Шоманай районлық 16-санлы улыўма билим бериў мектебиниң 4-класс оқыўшысы Абатбаева Диана таңлаў жуўмағына бола сыйлы 2-орынға мүнәсип деп табылды. Бул ҳаққында Өзбекстан жаслар аўқамы ҚР Кеңеси баспасөз хаткери И.Мәмбетназарова хабар берди.

Шоманайлы жас талант ийеси оған берилген жоқары баҳа ушын устазлары Дәмехан Ибрагимова, Есназар Халмуратов, Алмагүл Халилаеваларға, сондай-ақ қәўендерлик еткен Шоманай районы ҳәкими Баҳодир Янгибаевқа ҳәм жақыннан қоллап-қуўатлаған Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалына өз миннетдаршылығын билдирмекте.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Уқсас жаңалықлар

Өзбекстанның баспасөз еркинлиги рейтингиндеги орны өзгериссиз қалды

Өзбекстанның баспасөз еркинлиги рейтингиндеги орны өзгериссиз қалды

        Өзбекстан баспасөз еркинлиги индексинде дүньяның 180 мәмлекетиниң ишинде 148-орынды ийеледи. Республика 2024-жылғы рейтингде де усындай

Өзбекстанда Исбилермен ҳаял-қызлар кеңеси шөлкемлестирилди

Өзбекстанда Исбилермен ҳаял-қызлар кеңеси шөлкемлестирилди

    Өзбекстанда Исбилермен ҳаял-қызлар кеңеси шөлкемлестирилди. Өзбекстанда жетекши исбилермен ҳаяллардан ибарат Исбилермен ҳаял-қызлар кеңеси шөлкемлестирилди. Бул

Қарақалпақстанда биринши мәрте Арал мәденият саммити өткериледи

Қарақалпақстанда биринши мәрте Арал мәденият саммити өткериледи

Усы жылдың 4-6-апрель күнлери Қарақалпақстанның Нөкис қаласында биринши мәрте Арал мәденият саммити болып өтеди, деп хабар...