Telegram karinform

Экономика

  • 16.05.2019 17:17
  • 1873

2019-жылы Қарақалпақстанда санаат, аўыл хожалығы ҳәм хызмет көрсетиў тараўларын раўажландырыў ушын неше жойбар әмелге асырылады? Қанша адам жумыс пенен тәмийинленеди?

2019-жылы Қарақалпақстанда санаат, аўыл хожалығы ҳәм хызмет көрсетиў тараўларын раўажландырыў ушын неше жойбар әмелге асырылады? Қанша адам жумыс пенен тәмийинленеди?
2019-жыл даўамында Қарақалпақстан Республикасында улыўма 3 трлн 369 млрд 493 млн сумлық 705 әҳмийетли жойбар әмелге асырылыўы белгиленген болып, бул әмелий жумыслар нәтийжесинде 7639 жаңа жумыс орынлары жаратылыўы жобаластырылған. Бул ҳаққында бүгин, 16-май күни пайтахтымыздағы Жаслар орайында «Жедел инвестициялар ҳәм социаллық раўажланыў жылы» Мәмлекетлик бағдарламасы шеңберинде әмелге асырылып атырған жумысларды додалаўға бағышланған баспасөз конференциясында шығып сөйлеген Қарақалпақстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги бөлим баслығы Б.Байманов айтып өтти.
Жойбарларды тараўлар кесиминде алып қарағанда:
- Санаат тараўында – 271 жойбар бойынша 2 трлн 797 млрд 309 млн сумлық инвестициялар (соннан 161,7 млн долларлық сырт ел инвестициялары) өзлестирилип, 5389 жаңа жумыс орны;
- Хызмет көрсетиў тараўында – 358 жойбар бойынша 405 млрд 421 млн сумлық инвестициялар (соннан 12,7 млн долларлық сырт ел инвестициялары) өзлестирилип, 1784 жаңа жумыс орны;
- Аўыл хожалығы тараўында – 76 жойбар бойынша 166 млрд 763 млн сумлық инвестициялар (соннан 1,9 млн долларлық сырт ел инвестициялары) өзлестирилип, 466 жаңа жумыс орны жаратылыўы белгиленген.
Усы жылдың 15-май жағдайына муўапық, жоба тийкарында 697 млрд 304 млн сумлық 354 жойбар иске түсирилип, 2464 жаңа жумыс орынлары жаратылды.

Ислам Матеков.

Автордың түсирген фотосы.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған