Telegram karinform

Жәмийет

  • 20.05.2019 18:08
  • 1773

«Форд»та өрт келип шықты. Буған автомобильдиң күндизги ўакытта шырақларын қосып жүргени себеп болды ма?


Социаллық тармақларда Наўайы қаласында «Форд» автомобилинде өрт келип шыққаны сәўлеленген видео тарқалды. Додалаўларда буның себеби автомобиль шырақларының бәрқулла қосылып турған жағдайда ҳәрекетленгени айтылмақта.
Kun.uz хабаршысы усы жағдайға анықлық киргизиў мақсетинде Наўайы ўәлаяты Айырықша жағдайлар басқармасы Өрт қәўипсизлиги басқармасының жуўапкер хызметкерлери менен байланысты.
Наўайы ўәлаяты АЖБ ӨҚБ мағлыўматларына қарағанда, 2019-жылдың 17-май күни Наўайы қаласы, Маҳмуд Тарабий көшесинде ҳәрекетленип баратырған қызыл реңли «Форд» маркалы фургонның мотор бөлиминде өрт келип шыққан. Өрт автомобильдиң электр сым-кабельлеринде қысқа тутасыў ақыбетинде келип шыққан. Буның ақыбетинде автомобильдиң мотор ҳәм салон бөлегине зыян жеткен.
Наўайы ўәлаят АЖБ ӨҚБ жуўапкер хызметкериниң мәлим етиўинше, «автомобиль шырақларын қосып ҳәрекетлениўи» себепли деп болжанып атырған усы сыяқлы жағдай ўәлаятта биринши мәрте бақланбақта. Автомобильлерде жүзеге келген басқа өрт жағдайлары автомобиль шырақлары менен байланыслы болмаған себеплер ақыбетинде жүз берген.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған