Telegram karinform

Мәденият

  • 21.05.2019 16:18
  • 1785

Өзбекстан Қаҳарманы Алланияз Өтениязовтың өмири ҳәм хызметлери ҳаққында спектакль сахналастырылды. Премьера қашан?


Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театры тәрепинен Өзбекстан Қаҳарманы Алланияз Өтениязовтың өмири ҳаққында сөз ететуғын «Сақаўат бағы» атамасындағы спектакль сахналастырылды. Бул ҳаққында театрдың Телеграмдағы рәсмий каналы хабар берди.
Өзбекстан халық шайыры, жазыўшы, драматург К.Каримовтың драмасы тийкарында сахналастырылған спектакль Алланияз Өтениязовтың жаслық ўақтынан баслап өмириниң ақырғы күнлерине шекемги болған ўақыяларды өз ишине алған. Сахналық шығармада бул уллы тулғаның қайырлы ислери, адамгершилиги көрсетиледи.
Мектепте 40 жыл даўамында инглис тилинен муғаллимшилик етип, оқыўшыларға билим берген болса, өмири даўамында 40 жай салды, 2 мектеп, 2 балалар бақшасы, 2 емлеўхана ҳәм 1 китапхананы өз күши менен тикледи.
1998-жылы Қарақалпақстанда суўсызлық жыллары басланған ўақытта арба менен суў тасып, бағ жаратады.
Оның бундай қаҳарманлық ислери дүнья халықлары тәрепинен тән алынады, оның атына Куба Президенти Фидель Кастро, белгили қосықшы Алла Пугачёва, бокс бойынша жәҳән чемпионы В.Кличко ҳәм басқа да белгили инсанлар тәрепинен жазылған хатлар келип, оларда Алланияз Өтениязовтың мийнетлери пүткил дүнья халықлары ушын үлги болып хызмет ететуғынлығы айырықша атап өтилген.
Спектакль реал ўақыяларға тийкарланған болып, режиссёр Мархабай Үсенов тәрепинен сахналастырылған, художниги Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен көркем өнер ғайраткери Б.Айтмуратов.
Спектакль премьерасы тез күнлерде болып өтиўи жобаластырылған.

Ислам Матеков.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...