Telegram karinform

Жәмийет

  • 21.05.2019 19:12
  • 2238

«Озодлик» радиосы веб-сайтында жәрияланған Хожелидеги канализация ҳәм асфальт мәселеси үйренилди. Реал жағдай қандай?


Усы жылдың 20-май күни «Озодлик» радиостанциясының веб-сайтында «Қорақалпоғистон – «Қишлоқ қурилиш инвест» қурган уйларда канализация йўқ» атамасындағы материал жәрияланды.
Материалда Хожели районы «Жаңа Қоңырат» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан 2 этажлы турақ жай 2018-жылдың май айында «Қишлоқ қурилиш инвест» ширкети тәрепинен қурып питкерилип, пайдаланыўға тапсырылғаны, бирақ, жайдың я канализациясы, я асфальт жолы жоқ екенлиги, жобаға тийкарланып булардың болыўы кереклиги, сондай-ақ, ҳәкимиятқа мүрәжат еткенде олардың жәрдем бере алмайтуғынлығын айтқаны ҳаққында мүрәжат келтирилген.
Биз бул жағдайға анықлық киргизиў мақсетинде жағдайды үйрендик. Үйрениўлер даўамында, усы 2 этажлы турақ жай Нөкис қаласындағы «Қишлоқ қурилиш инжиниринг» компаниясының буйыртпа шәртнамасы тийкарында «Нукус конструкция қурилиш» ЖШЖ тәрепинен қурылғаны мәлим болды. Қурылыс жумыслары жоба тийкарында 2017-жылы май айында басланып, 2018-жылы май айында толық жуўмақланған. Районда улыўмалық канализация тармағы болмағаны себепли қурылыс жобасында жайдың канализациясы 50 метр куб көлемде жер астына қазылып қурылыўы белгиленген ҳәм усы тәризде канализация қурылған.
Сондай-ақ, усы турақ жайдың әтирапын асфальтлаў ушын «Қишлоқ қурилиш инжиниринг» компаниясы тәрепинен 2018-жылдың май айында Хожели районындағы «Йўл хўжалик пудрат таъмирлаш фойдаланиш» кәрханасының есабына дәслепки оңлаў жумыслары ушын 30% лик пул өткерилген. Бирақ, усы турақ жайдың әтирапында басқа көп этажлы турақ жайлардың қурылып атырғаны, олардың қурылыс жумыслары толық жуўмақланбағаны себепли асфальтлаў кешиктирилген. Себеби, барлық турақ жайлардың әтирапы бир ўақытта, бирдей етип асфальтланыўы белгиленген. Бул ҳәрекетлер нәтийжесинде төселген асфальт қатламының бузылыўының алдын алыў баслы мақсет етилген.
Район ҳәкиминиң басламасы менен көрсетилген орындағы турақ жайлардың әтирапы усы жылдың 1-июль сәнесине шекем толық асфальтланыўы жобаластырылған.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...