Telegram karinform

Мәденият

  • 22.05.2019 12:01
  • 1658

Ақылбек Пиязов 22 күн даўамында 3 халықаралық таңлаўда лауреат болды


Жақсы жаңалықлар, табыслары менен халқымызды қуўандырып киятырған Пиязовлар шаңарағының генже перзенти «Ниҳол» мәмлекетлик сыйлығының лауреаты Ақылбек Пиязов елимизге қос қуўаныш алып келди. Бул ҳаққында «Қарақалпақстан мәденияты» газетасының редакторы Г.Палўанова хабар берди.
Усы жылдың март айында Алма-ата қаласында болып өткен «International artistic day» халықаралық таңлаўында биринши орынды жеңип алған еди. Буннан соң апрель айында Нур-Султан (Астана) қаласында болып өткен Нурғиса Тилендиев атындағы «Өз елим» атлы VI халықаралық таңлаўда Ақылбек және бириншиликти қолға киргизди. Ал, Татарстан Республикасының Қазан қаласында болып өткен М.И.Глинка атындағы XXVI халықаралық вокалистлер таңлаўында ол үшинши орынды ийелеп, абыройды қолдан бермеди.
18-май күни Нөкис халықаралық аэропортында Ақылбек Пиязов Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министри орынбасары А.Ниетуллаев, жеңимпаздың ата-анасы, шаңарақ ағзалары, устазлары ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери тәрепинен салтанатлы түрде күтип алынды. Илажда сөзге шыққанлар Ақылбекти ерискен табыслары менен қутлықлап, елимиз опера өнерин еле де дүнья халықларына таныта бериўине тилеклеслик билдирди.
—Әлбетте, перзент ушын ата-анаға, туўылған жерине хызмет етиўден артық бахыт болмаса керек. 22 күн даўамында избе-из үш халықаралық таңлаўда қатнасыўым ҳәм жеңимпаз болыўым мени еле де руўхландырып алдағы ўақытларда да елимиз байрағын жәҳән бойлап желбиретип, мәдениятымыз ҳәм көркем өнеримизди дүнья халықларына танытыўда тынымсыз излениўге ийтермелейди —дейди Ақылбек.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

Ҳәр жылдың 1-июнь күни Халық аралық балаларды қорғаў күни сыпатында белгиленеди. Бул сәне 1949-жылы Парижде Халықаралық...