Telegram karinform

Сиясат

  • 05.10.2017 14:53
  • 2162

Ислам Каримов естелигине бағышланған мақалалар таңлаўы дағазаланды



Өзбекистан Республикасы Президенти жанындағы Өзбекистан Республикасының Биринши Президенти Ислам Каримов атындағы илимий-ағартыўшылық орайының 2017-жыл 11-июльдеги 67/1-санлы хатына муўапық, Өзбекистан Республикасы Биринши Президенти Ислам Каримовтың естелигин мәңгилестириў мақсетинде «Ислам Каримов естелигине бағышланған ең жақсы илимий мақала» таңлаўы өткериледи.
Ислам Каримовтың 80 жыллығына бағышланған таңлаўға 2016-2017-жыллары елимиз ҳәм сырт еллердеги газета ҳәм журналларда, интернет сайтларында жәрияланған материаллар 2017-жылдың 31-декабрине шекем қабылланады.
Таңлаў жеңимпазлары арнаўлы диплом ҳәм 1-орын ийеси ең кем айлық ис ҳақының 100 есеси муғдарында, 2-орын ийеси ең кем айлық ис ҳақының 75 есеси муғдарында, 3-орын ийеси ең кем айлық ис ҳақының 50 есеси муғдарындағы пул менен сыйлықланады.
Таңлаўға жиберилген материалларға төмендегилер қосымша кылынады:
• Автор ҳаққында мағлыўматнама;
• Автордың жасаў орны ҳаққындағы мағлыўматлары, үй ҳәм жумысының телефон номерлери;
• Автордың паспорт нусқасы.
Ҳүжжетлер 100163, Ташкент қаласы, Афросиёб көшеси 1/1-үйге жиберилиўи керек
Мағлыўмат ушын телефон: 239-54-91
Электрон почта мәнзили: immm@mail.uz, majmua@mail.uz.

Сахибжамал Есемуратова.
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

Ҳәр жылдың 1-июнь күни Халық аралық балаларды қорғаў күни сыпатында белгиленеди. Бул сәне 1949-жылы Парижде Халықаралық...

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

        Германияда адамлар өлгеннен кейин келешекте қайта тирилиўи ушын денелерин ўақтынша музлатып қойыў хызмети иске түсти.