Telegram karinform

Жәмийет

  • 14.06.2019 12:34
  • 1852

«Озодлик» радиосының және бир қәтеси: Қоңыратта «биймәлел балық бағыўға болатуғын» жер «план»ы бойынша реал жағдай


Усы жылдың 7-июнь күни «Озодлик» радиостанциясының веб-сайтында «Тураржой қуриш учун ажратилган ерда бемалол балиқ боқса бўлади!» атамасында Қарақалпақстан Республикасының Қоңырат районы турғынларынан мүрәжат жәрияланды.
Онда Қоңырат районы турғынлары райондағы 10-11-12-массивиндеги жер «план»лары район ҳәкимлиги тәрепинен суў шығып, «биймәлел балық бағыўға болатуғын» жағдайға келген болса да, оны пуқараларға сатқаны ҳаққында жазылған.
Биз бул бойынша тийисли үйрениў жумысларын алып барғанымызда төмендегилер мәлим болды:
2016-жылдың ноябрь айында Қоңырат районының бир топар турғынлары тәрепинен район ҳәкимлигине жеке турақ жай қурыў ушын жер майданларын ажыратыў бойынша мүрәжатлар келип түскен. Усы мүрәжатлар тийкарында Қоңырат районлық Архитектура ҳәм қурылыс бөлими тәрепинен 2004-жыл 29-августтағы Өзбекстан Республикасы Архитектура ҳәм қурылыс комитетиниң 11-санлы қарарына, сондай-ақ, Қоңырат районының Бас жобасына муўапық «Санаат» МПЖ аймағындағы 17600 квадрат метрлик 44 жер участкасы халық жасаўы ушын «Ким зыят» саўдасына қойыў бойынша усыныс берилген.
Усыныс тийкарында Қоңырат районы ҳәкиминиң 2016-жыл 9-ноябрьдеги 683/11-санлы шешими менен жоқарыда көрсетип өтилген жер участкалары «Ким зыят» саўдасына қойылған. Бул жер участкаларында алдын гербиш заводының карьери болған ҳәм жер асты суўлары жер бетине жақын болған. Солай болыўына қарамастан, 2017-жыл 13-март күни 40 пуқара өзлериниң ықтыяры менен жер участкаларын сатып алған.
Демек, пуқараларға ҳеш ким мәжбүрий түрде жер участкаларын сатпаған. «Озодлик» радиосы усы мәселе бойынша реал жағдайды толық үйренбестен, материал жәриялаған. Бул биринши мәрте болып атырған жағдай емес. Сонлықтан, бундай тийкарсыз хабарларға исениўдиң кереги жоқ.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында