Telegram karinform

Технология

  • 26.10.2017 13:54
  • 2519

Сауд Арабиясында баҳасы 500 миллиард долларлық қала қурылады



Сауд Арабиясы Қызыл теңиз жағалаўында қунлылығы 500 миллиард доллар болған қала қурыў нийетинде. Бул ҳаққында мәмлекет тахтының болажақ ийеси шаҳзада Муҳаммед ибн Салман Әл Сауд «Келешектиң инвестициялық басламалары» конференциясында усыныс билдирди. Жаңа мегаполис NEOM деп аталып, бул жойбарды әмелге асырыў ушын мәмлекет ҳүкимети ҳәм инвестициялық қоры қаржы ажыратады. Соның менен бирге, жергиликли ҳәм халықаралық инвесторлар да қаржы ажыратыўына имканиятлар бар. Қала мәмлекеттиң арқа тәрепинде, Қызыл теңиз бойында қурылады. Оның көлеми 25 мың квадрат километрди қураўы режелестирилген. Жойбардың қунлылығы 500 миллиард долларға баҳаланған. Бул қала араб мәмлекетлерин Америка, Европа, Африка ҳәм Азия менен байланыстырыў ушын хызмет етеди.

Ислам Матеков.
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

Трамп енгизген бажылар себепли iPhone баҳалары 30 процентке қымбатлаўы мүмкин

Трамп енгизген бажылар себепли iPhone баҳалары 30 процентке қымбатлаўы мүмкин

        Apple‘дың жаңа смартфонлары АҚШ президенти Доналд Трамп ҳәкимшилигиниң бажыхана төлемлери себепли 30 процентке қымбатлаўы мүмкин.