Telegram karinform

Жәмийет

  • 30.06.2019 07:06
  • 2116

«Ийттиң туўған балалары»нан мәмлекет басшылары жетилисип шығармекен? Ямаса ғарғыс еситкен балалар ҳаққында…

«Ийттиң туўған балалары»нан мәмлекет басшылары жетилисип шығармекен? Ямаса ғарғыс еситкен балалар ҳаққында…

Бала ақ қағазға мегзейди. Бул қағаз бетлерине тек жақсы сөзлер жазылыўын қәлеймиз. Бирақ …
Наполеон Банопартты анасы ҳәр таӊда: «Балам, бүгин сени уллы ислер күтпекте» деген сөзлер менен оятқанын көпшилигимиз еситкенбиз. Сонлықтан да, ол өзиниӊ уллы ислерди ислей алыўына исеним менен ҳәр таӊды күтип алған. Дүнья жүзиндеги еӊ жақсы әскербасылар қатарынан орын алған. Бәлким, бул анасыныӊ ҳәр таӊда айтқан сыйқырлы сөзлериниӊ нәтийжеси болса әжеп емес.
Арамызда баласына унамсыз, жағымсыз сөзлерди айтып атырған адамларды көплеп ушыратыўға болады. Балалары унамсыз ҳәрекетлерди ислесе, тәртипсизлик етсе ғарғыс сөзлер менен оларды «сыйлайтуғынлар» да бар. Ал, айырым ўақытлары «ҳә, ийттиӊ баласы» деп еркелеткен боламыз. Лекин, буны еркелетиўши сөзлердиӊ қатарына қосыў орынлымекен? Буннан басқа да, айырым ата-аналар балаларына «ийттиӊ баласы», «ийттиӊ туўғаны», «жүўернемек», «қудайдан тапқыр», «қанқусқыр» сыяқлы сөзлерди айтады. Бундай сөзлерди еле де даўам еттириў мүмкин. Усындай сөзлерди еситип ержеткен баладан дүньяға белгили алымлар, илимпазлар, еӊ жақсы әскербасылар жетилисип шығыўы мүмкинбекен? Бәлким, бул сөзлер балалардың келешегин белгилер…

Сахибжамал Есемуратова
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған