
Үстирт нефть-газ аймағында үлкен көлемдеги газ резерви болыўы мүмкин, - деди «Өзбекнефтьгаз» басқарыў директоры Б.Сиддиқов. Бул ҳаққында Kun.uz хабар берди.
Оның сөзлерине қарағанда, бул жерде соңғы 2 жылда 3 жаңа кән ашылған.
«Күни кеше «Арыслан-12» қудығында газ пайда болды. Үш кәнниң барлығы бир пүтин екенлиги болжанбақта. Кеше газ шыққан «Арыслан-12» усы Арыслан ҳәм Қубла Сүргил кәнлери арасында жайласқан», - деди Сиддиқов.
Бул болса усы аймақта «үлкен көлемдеги газ кәни жайласқан» деп айтыўға тийкар болады.
Ислам Матеков.
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz