Telegram karinform

Спорт

  • 28.06.2019 17:47
  • 1746

«30-июнь – Жаслар күни» мүнәсибети менен пайтахтымызда қандай спорт илажлары өткериледи?

«30-июнь – Жаслар күни» мүнәсибети менен пайтахтымызда қандай спорт илажлары өткериледи?
30-июнь – Жаслар күни. Президентимиздиң усынысы менен тийкар салынған бул байрам Нөкис қаласында қалай белгилениўи жобаластырылмақта? Қандай спорт илажлары болып өтеди?
Бул сораўларға бүгин, 28-июнь күни Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңесинде болып өткен баспасөз конференциясында толық жуўап берилди.
Жобаға муўапық, 30-июнь күни саат 08:00 да бурынғы арқа автовокзал алдынан амфитеатрға шекемги аралықта «Youth Day» ураны менен 5 километрлик аралыққа жуўырыў марафоны болып өтеди.
Сондай-ақ, усы күни саат 10:00 де «Ҳәсиретли ана» майданшасы жанында жайласқан, футбол, стол тенниси, бадминтон, баскетбол спорт түрлери бойынша жарысларды өткериўге қәнигелестирилген жасалма қапламалы жаңа спорт майданшасының ашылыўы ҳәм онда футбол бойынша «Жаслар кубогы» турнириниң финал ойыны өткериледи.
Усы күни амфитеатр алдында саат 09:30 дан баслап әскерий техникалар ҳәм қурал-жарақлар көргизбеси шөлкемлестириледи.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған